Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Yangiliklar

28
Билесизбе

Билесизбе
Аудиторлық искерлигин лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-мартдағы 218-сан қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/4238916) тийкарында әмелге асырылады.

Оған көре, аудиторлық искерлигине лицензия алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза;
- мийнет дәптершелери нусқалары;
- тийкарғы жумыс орны бойынша штатдағы аудиторлардың жумысқа қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрықлар нусқалары.

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги қурамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Берилген усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.

28
Нызамшылықтағы жаңалықлар

Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Қаракөлшилик субъектлерине субсидия ажыратылады
“Қаракөлшилик субъектлерине субсидия бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны 3213, 24.01.2020-ж.).

Қарар менен тастыйықланған режеге көре, қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сатқан қаракөлшилик субъектлерине ҳәр финанс жылында кейинги финанс жылына шекем төмендеги муғдарда бир мәртелик субсидия ажыратылады:
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөл териси ушын 50 мың сумнан;
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөлше териси ушын 75 мың сумнан.
Буның ушын қаракөлшилик субъектлери Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине субсидия ажыратыўды сорап арза менен мүрәжат етеди.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
- район статистика бөлими тәрепинен берилген бар болған қаракөл қойлар бас саны ҳәм жетистирилген қаракөл тери саны ҳаққындағы мағлыўматнама;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылыў бойынша экспорт шәртнамасы ҳәмде экспортқа жиберилген өнимлер ушын есап-фактура ҳүжжетлери нусқалары;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылғанлығы ҳаққында бажыхана жүк декларациясы нусқасы.
Усы ҳүжжет талаплары 2019-2023-жылларда қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сататуғын қаракөлшилик субъектлерине қарата усынылады.

28
Билесизбе

Билесизбе
Қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслар менен ислеўге дизимнен өткериў гүўалығының әмел етиў мүддети төмендегише:

- қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслар менен жумысларды әмелге асырыўға 5 жыл мүддетке;

- зергерлик буйымлары ҳәм қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслардан жасалған басқа буйымлар менен саўда етиў ушын улыўма ямаса тезлестирилген тәртипте 1 жыл мүддетке.
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы руқсатнаманың әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса  @tadbirkor_adliyabot телеграмм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Берилген усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып руқсатнама бериў тәртибин жетилистириўде пайдаланылады.

27
Билесизбе

Билесизбе
Темеки өнимлерин ислеп шығарыўды лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 7-сентябръдеги 190-санлы қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/1054287) тийкарында әмелге асырылады.

Режеге муўапық лицензия питиминде төмендегилер болыўы керек:
- питимди имзалаған шахслардың фамилиясы, исми, атасының исми, лаўазымы;
- тәрепилердиң реквизитлери;
- лицензия берилип атырған анық искерлик түриниң аты;
- лицензия талаплары ҳәм шәртлери;
- тәреплердиң жуўапкершилиги;
- лицензиялаўшы орган тәрепинен қадағалаў тәртиби;
- питимге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби;
- лицензиат тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң турақлы ямаса бир мәрте қопал рәўиште бузылыўы дизими;
- әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа зәрүр мағлыўматлар;

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы рухсатнаманың әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усынылған пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып рухсатнама бериў тәртибин жетилистириўде пайдаланылады.

27
САНЛЫ ЭКОНОМИКА ҲАҚҚЫНДА НЕЛЕРДИ БИЛИЎ КЕРЕК?

САНЛЫ ЭКОНОМИКА ҲАҚҚЫНДА НЕЛЕРДИ БИЛИЎ КЕРЕК?

27
Қишлоқ хўжалигига мўлжалланмаган ер участкаларини хусусийлаштиришдаги янги тизимнинг ҳуқуқий асослари

Қишлоқ хўжалигига мўлжалланмаган ер участкаларини хусусийлаштиришдаги янги тизимнинг ҳуқуқий асослари

27
Тўрткўл тумани адлия бўлими аралашуви билан фуқаро Е.Халмуратова пенсияси қайта ҳисобланди

Тўрткўл тумани адлия бўлими аралашуви билан фуқаро Е.Халмуратованинг пенсияси қайта ҳисобланди

25
Допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи

Допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи

24
Инсон ҳуқуқлари - энг олий қадрият

Инсон ҳуқуқлари - энг олий қадрият

24
Конституцияни урганиш асосий вазифамиз

Конституцияни ўрганиш асосий вазифамиз
Жамиятда ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш ҳамда Ўзбекистон Республикаси Конституциясининг мазмун-моҳиятини тушинтириш мақсадида туман Халқ таълими бўлимига қарашли 33-сонли умумий ўрта таълим мактабида Тўрткўл туман адлия бўлими ташаббуси билан туман Маънавият ва маърифат бўлими ҳамда Халқ таълими бўлими ходимлари билан ҳамкорликда  кўргазмали воситалар ёрдамида ҳуқуқий тарғибот тадбири ўтказилди.
         Ушбу тадбирда мактаб ўқувчилари Ўзбекистон Республикаси Конституцияси бўйича олган билимларини ўзаро бахс-мулоҳазалар, савол-жавоблар орқали намойиш этди.
Тадбир якунида ўқувчилар томонидан ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш бўйича таклиф ва фикирлар билдирилди.