Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Yangiliklar

30
Өзбекстан Республикасында ең жақсы әдиллик бөлими ҳәм ең жақсы әдиллик хызметкери аныкланды

Өзбекстан Республикасында "Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими" ҳәм "Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери" аныкланды

30
Мигрантларға жай ажыратыў тәртиби белгиленди

Мигрантларға жай ажыратыў тәртиби белгиленди

29
29
Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан навбатдаги “Street law” лойиҳаси ўтказилди

Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан навбатдаги “Street law” лойиҳаси ўтказилди

29
29
Билесизбе

Билесизбе
Қымбат баҳалы металлардан ҳәм қымбат баҳалы таслардан зергерлик буйымларын ҳәмде басқа буйымларды ислеп шығарыўды лицензиялаўда арзаны көрип шығылғанлығы ушын жыйым төмендегише алынады:

- юридикалық шахслар ушын – ең кем ис ҳақының 5 есеси муғдарында;
- жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын  – ең кем ис ҳақының 2 есеси муғдарында.

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер болса  @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усынылған пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.

29
Билесизбе

Билесизбе
Төмендеги жумысларда ер жетпегенлер мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмайды (http://lex.uz/docs/1582076):
- жер асты, суў асты, қәўипли бәнтликте ямаса жабық орталықта орынлаў;
- қәўипли механизмлер, әсбап ҳәм үскенелер менен байланыслы болған;
- қәўипли буйымлар ямаса процесслер, температура, шаўқым ямаса толқынланыў дәрежесиниң жоқары тәсиринде ер жетпегенлердиң саламатлығына зыян келтириўге алып келетуғын зыянлы шараятлардағы;
- аўыр мийнет шараятларында орынланатуғын (жумыс ўақтының даўамлылығы узақ болған, түнги жумыслар ҳәм басқалар менен байланыслы болған);
- өзиниң өзгешелиги менен бундай тайпадағы хызметкерлердиң әдеп-икрамына зыян келтиретуғын;
- белгилеп қойылған нормадан артық аўыр жүк көтериўи ҳәм тасыў менен байланыслы болған жумысларда.

18 жасқа толмаған мийнетинен пайдаланыў қадаған етилетуғын қолайсыз мийнет шараятлары менен байланыслы жумыслар дизими (http://lex.uz/docs/1503069#1503121) ҳәм 18 жасқа  толмаған шахслар көтерилиўи ҳәм тасыўы мүмкин болған аўыр жүк нормалары шегарасы (http://lex.uz/docs/1479061) Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери ҳәм Ден саўлықты сақлаў министрликлери тәрепинен белгиленеди.

28
Билесизбе

Билесизбе
Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў искерлигиниң төмендеги түрлери лицензияланады:

- ректификатланған тутыныў этил спирти, жүзим, резавор мийўе, вино спирти, жүзим ҳәм резавор мийўеден таярланған спирт шийки заты;
- техникалық  этил спирти, эфироальдегидли фракция;
- жүзим, вино, коньяк, виски, ром, резавор мийўе ҳәм кальвадос дистилляти;
- арақ, жүзим ҳәм мийўе арағы, ликёр-арақ өнимлери;
- коньяк, коньяк ишимликлери, бренди, виски, ром, кальвадос;
- жүзим ҳәм резавор мийўе виносы, көпиретуғын ҳәм газли  вино;
- өткирлиги 7,0 проценттен 22 процентке шекем болған вино ишимликлери;
- жүзим ҳәм резавор мийўеден таярланған вино материаллар;
- пиво ҳәм пиво ишимликлери.

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги тәртибине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усыныс етилген пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.

28
Билесизбе

Билесизбе
Дийхан хожалығы ҳәм 4 сотиктен кем болмаған қыйтақ жерде бәнт болған ямаса усы участкада қарамал ямаса 50 бастан кем болмаған қусшылық пенен шуғылланып атырған физикалық шахслар тәрепинен Бюджеттен тысқары пенсия қорына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнет стажына  киргизиледи.

28
Билесизбе

Билесизбе
Аудиторлық искерлигин лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-мартдағы 218-сан қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/4238916) тийкарында әмелге асырылады.

Оған көре, аудиторлық искерлигине лицензия алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза;
- мийнет дәптершелери нусқалары;
- тийкарғы жумыс орны бойынша штатдағы аудиторлардың жумысқа қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрықлар нусқалары.

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги қурамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Берилген усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.