Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Yangiliklar

15
Нызамшылықтағы жаңалықлар

Мәмлекетлик ресурсларына алынатуғын масақлы дәнди сатып алыў баҳалары белгиленди

12
Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннети

Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннети.

12
Билесизбе

Мәмлекетлик органы ҳәкимшилик ис жүритиўди қандай жағдайларда тоқтатып турыўға ҳақлы?

12
Әдиллик хабары

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының нәўбеттеги жалпы мәжилисин 2020-жыл 19-июнь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

11
Нызамшылықтағы жаңалықлар

Жасларды ўатансүйиўшилик рухында тәрбиялаўға қаратылған таңлаў өткериледи

11
Әдиллик хабары

Мойнақ районы исбилерменлери менен ушырасыў өткерилди

11
Билесизбе

Жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызмети (ЖПХ) хызметкерлери менен қатнасықларда төмендеги ҳуқықларға ийе

11
Нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжет қандай жағдайларда оны қабыл еткен орган тәрепинен бийкар етиледи?

Нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжет қандай жағдайларда оны қабыл еткен орган тәрепинен бийкар етиледи?

11
Нызамшылықтағы жаңалықлар

“Мәҳәлле ҳәм шаңарақ” илимий-изертлеў институтының ўазыйпалары белгиленди

10
Нызамшылықтағы жаңалықлар

Экономика қәнигеликлери бойынша бакалавриат бағдары студентлери оқыўын Банк-финанс академиясына көшириўи мүмкин

“2020–2025-жылларда Өзбекстан Республикасы Банк-финанс академиясын раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (365-санлы, 08.06.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен 2020–2025-жылларда Банк-финанс академиясын раўажландырыў концепциясы ҳәмде усы концепцияны әмелге асырыў бойынша ис-илажлар режеси тастыйықланды.

Қарарға муўапық, Академия Өзбекстанның банк ҳәм финанс тараўы ушын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жоқары маманлы қәнигелерди ҳәмде басшы кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады.

Академияның бакалавриат ҳәм магистратурасында:

-мәмлекетлик грант қаржылары есабынан – тек ғана мәмлекетлик орган ҳәм басқа мәмлекетлик шөлкемлери хызметкерлери;

-Академия Кеңеси тәрепинен тастыйықланған квота бойынша төлем-контракт тийкарында – Өзбекстан резидентлери ҳәм резидент болмағанлар билим алады.

Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-сентябрьге шекем таңлаў өткериў арқалы басқа жоқары билимлендириў орынларының эконмика қәнигеликлери бойынша бакалавриат бағдарының 3-курсындағы инталы студентлери оқыўы Академияға көшириледи.

2021-жыл 1-сентябрьге шекем илимий мақалалар авторларының жумысларын финансластырыў мақсетинде Илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Академия Кеңеси тәрепинен белгиленетуғын тәртипте бакалавриат бағдарламалар бойынша оқыўға қабыл етиў шөлкемлестириледи.