Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Мәмлекетлик ресурсларына алынатуғын масақлы дәнди сатып алыў баҳалары белгиленди

“2020-жыл зүрәәти ушын егилген масақлы дән өнимин өз ўақтында ҳәм сапалы орып-жыйнап алыўды шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (378-сан, 15.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл зүрәәтинен мәмлекетлик ресурсларына 3 019 мың тонна, соның ишинде 293,5 мың тонна туқымлық дән сатып алынады.
Қарар менен ишки базарда дән баҳалары  турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын 2020-жыл өниминен мәмлекетлик ресурсларына алынатуғын масақлы дәнди сатып алыў баҳалары белгиленди. Атап айтқанда, 1-класс қатты бийдайдың сатып алыў баҳасы (қосылған қун салығы менен)  1 тонна ушын 2 543 180 сумды қурайды.
Барлық дән таярлаў кәрханалары ҳәм ғәллешилик кластерлери қосымша сатып алынатуғын дәнди хожалықлар менен келисилген баҳаларда шәртнама тийкарында сатып алады.


Каналға жалғаныў
https://t.me/huqiqiymalimleme