Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Билесизбе


Мәмлекетлик органы ҳәкимшилик ис жүритиўди қандай жағдайларда тоқтатып турыўға ҳақлы?

«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамға (https://lex.uz/docs/3492203) көре,
Мәмлекетлик органы ҳәкимшилик ис жүритиўди төмендеги жағдайларда тоқтатып турыўға ҳақлы:
- пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик ямаса жынаят суд ислерин жүритиў тәртибинде көрилип атырған ис бойынша судтың ҳал қылыў қраары қабыл етилгенге шекем ҳәкимшилик исти көриў мүмкин болмағанда;
- ҳәкимшилик ис жүритиўде қатнасып атырған физикалық шахс қайтыс болғанда, егер ҳуқықый мийрасхорлыққа жол қойылған жағдайда ямаса ҳәкимшилик ис жүритиўде қатнасып атырған юридикалық шахс қайта шөлкемлестирилгенде;
- қәтелерди туўрылаў ҳәм жетиспей атырған ҳүжжетлерди усыныў имкәнияты берилгенде;
- лаўазымлы шахслардың кеширимли себеплерге көре келмегенлги, егер олардың қатнасы ҳәкимшилик ис жүритиўди тамамлаў ушын зәрүр болғанда;
- лаўазымлы шахстың талабына көре ҳәкимшилик орган тәрепинен экспертиза тайынланғанда.
Ҳәкимшилик ис жүритиўди тоқтатып турыў ҳаққындағы хабар лаўазымлы шахсларға бир жумыс күни ишинде жибериледи.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими