Янгиликлар
11
Нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжет қандай жағдайларда оны қабыл еткен орган тәрепинен бийкар етиледи?
Нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжет қандай жағдайларда оны қабыл еткен орган тәрепинен бийкар етиледи?
Нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжет төмендеги жағдайларда ҳәкимшилик орган тәрепинен бийкар етилиўи ямаса өзгертилиўи мүмкин (https://www.lex.uz/docs/3492199):
- нызам талапларына муўапық ямаса бундай имканият тиккелей ҳәкимшилик ҳүжжеттиң өзинде нәзерде тутылған болса;
- егер кейин ала өзгерген ҳақыйқый жағдайлар себепли ямаса нызам ҳүжжетлериндеги өзгерислер тийкарында жәмийетлик мәплерге зыян жеткериўдиң алдын алыў мақсетинде ҳәкимшилик ҳүжжетти бийкар етиў зәрүр болса;
- егер ҳәкимшилик ҳүжжет пенен қосымша мәжбүриятлар байланыслы болса ҳәм лаўазымлы шахс оларды орынламаған болса;
- егер мәпдар шахс ҳәкимшилик ҳүжжет тийкарында өзине берилген пул қаржыларынан, буйымнан ямаса ҳуқықтан мақсетли пайдаланбай атырған болса;
- егер ҳәкимшилик ҳүжжетти бийкар етиў ямаса өзгертиў усы ҳүжжет жиберилген мәпдар шахс пайдасына әмелге асырылса ҳәм бунда басқа мәпдар шахсларға қыйыншылық пайда болмаса.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими