Янгиликлар
11
Нызамшылықтағы жаңалықлар
“Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы
“Мәҳәлле ҳәм шаңарақ” илимий-изертлеў институты искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (367-сан, 10.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, “ Мәҳәлле ҳәм шаңарақ” илимий-изертлеў институты мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтларын беккемлеўге жәрдемлесиўши, пуқаралар жыйынларын халықтың жақын мәсләҳәтшисине айландырыў ҳәм “Саламат шаңарақ – сламат жәмийет” идеясын турмысқа енгизиў жумысларын илимий-методикалық ҳәм мәлимлеме-аналитикалық тәрептен тәмийинлеў искерлигин әмелге асырыўшы қәнигелестирилген илимий-изертлеў мәкемеси есапланады.
Қарар менен Институттың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Атап айтқанда, Институт жәмийетте “Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле” принципине тийкарланған системаны толық ҳәм нәтийжели енгизеди, мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтларын беккемлеў тараўындағы баслы бағдарларды қәлиплестириўде қатнасады, пәнлер аралық фундаментал, илимий-әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырады.
Қарар менен усы Институт структурасы ҳәмде уставы тастыйықланды.
Институт директоры мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри усынысына тийкар Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымына тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.
Еслетип өтемиз, “Мәҳәлле ҳәм шаңарақ” илимий-изертлеў институты 2020-жыл 18-февральдағы тийисли (https://t.me/huquqiyaxborot/6510) Пәрман менен шөлкемлестирилген.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими