Янгиликлар
12
Әдиллик хабары
Әдиллик_хабары
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының нәўбеттеги жалпы мәжилисин 2020-жыл
19-июнь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Видеоконференцбайланыс формасында өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылыўы режелестирилген.
Жалпы мәжилисте, төмендеги нызамлар көрип шығылады:
- “Инновациялық искерлик ҳаққында”ғы;
- “Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында”ғы;
- “Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўы ҳаққында"ғы
- “Геодезия ҳәм картография жумысы ҳаққында”ғы.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен “Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы, “Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине судланғанлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамлар додаланады.
Сондай-ақ, Әдиллик министриниң Өзбекстанда 2019-жылда ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси тыңланыўы нәзерде тутылған.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими