Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннети


Мәмлекетимизде соңғы ўақытлары мәжбүрий мийнет мәселесине айрықша қаралып, күннен күнге актуаль мәселелердиң бирине айланып атыр. Мәжбүрий мийнет миллий нызамшылық тәрепинен қадағаланып, көплеген мәмлекетлерде қадаған етилген. Бизиң республикамыздың да барлық тараўларда мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў,  оған шек қойыў ушын анық мақсетлер белгиленип ис-иләжлар исленип шығылған.
Атап айтатуғын болсақ, пуқаралардың мийнет етиў менен байланыслы тийкарғы принцплери ең дәслеп Конституциясыда белгилеп берилген. Конституциямыздың  37-статьясында «Ҳәр бир шахс мийнет қылыў, еркин кәсип таңлаў, әдил мийнет шәраятларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлыктан қорғаныў ҳуқықына ийе. Суд ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген басқада жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи», сондай-ақ «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамның 2-статьясы ҳәмде Мийнет кодексиниң 7-статьясына муўапық, мәжбүрий мийнет, яғный қандайда-бир жазаны қоллаў менен басым өткериў арқалы (соның ишинде мийнет тәртибин сақлаў қуралы ретинде) жумыс орынлаўға мәжбүрлеў қадаған етиледи деп көрсетилген. Бул статьяларда мәжбүрий мийнетти қадаған етиў ҳәм оған тек ғана нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген жағдайларда рухсат берилиўи айтылады.
Усыдан келип шығып ҳәзирги күнде ҳәр бир пуқара конститутцияда көрсетилген нызамлы рәўиште қорғалған ҳуқық ҳәм еркинликлеринен дурыс пайдалана алып атырма деген сораў пайда болады. Бул сораўға жуўап бериўден алдын «мәжбүрий мийнет» атамасына түсиник берип өтиў мақсетке муўапық.
Мәжбүрий мийнет – қандай да бир жазаны қоллаў менен қорқытыў арқалы жумыс ислеўге мәжбүрлеў. Бир шахсты өз ықтыярына қарсы мийнет шәртнамасында белгиленбеген жумысларды қылыўға мәжбүр ететуғын ҳәр қандай қорқытыў мәжбүрий мийнетти келтирип шығарады. Көпшилик жағдайда мәжбүрий мийнетке ийтермелеў қандайда бир ҳуқуқ ямаса имтиязларды шеклеўге қаратылған болады. Жумыс бериўши тәрепинен қол астындағы шахсты мәжбүрий мийнетке тартыў түрли көринисте болады. Яғный мәмлекетлик шөлкемлер, мәкемелер ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер хызметкерлерине басшылар тәрепинен айлық ис ҳақысын азайтыў, жумыстан босатып жибериў,  лаўазымын түсириў ҳәм тағы басқа да сыяқлы жаза түрлерин қолланыў арқалы  мәжбүрий мийнетке ийтермелеўи мүмкин.
Әлбетте, бизиң турмысымызда пуқараралар өзиниң хуқық ҳәм еркинликлерин билседе жумыстан айрылып қалмаў мақсетинде абаданластырыў жумысларына, мәўсимлик аўыл хожалығы ҳәм қурылыс ислерине сондай-ақ ҳәр қыйлы жумысларға ыктыярсыз түрде жумсалыў жағдайлар ушрасып турғаны сыр емес. Соңғы ўақытлары мәмлекетимиз тәрепинен пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин жәнеде беккемлеў, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм оған буннан былайда жол қоймаў ушын  
2018-жылы 10-майда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетке шек қойыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 349-санлы қарары қабыл етилди. Оған муўапық ҳәкимликлер, барлық мәмлекетлик ҳәм хожалықты басқарыў органлары, ден саўлықты сақлаў, билимледириў шөлкемлери ҳәм де басқада бюджет шөлкемлери тәрепинен хызметкерлерди, билимлендириў шөлкемлери оқытыўшы ҳәм студентлерин мәжбүрий мийнетке абаданластырыў көкелемзарластырыў, мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларына жумсаў жағдайларына шек қойыў, бундай жағдайлар жүз берген ўақытта ҳуқықты қорғаў уйымларына хабар бериў белгилеп берилди. Сондай-ақ, қарарда мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен улыўма ҳалық шембиликти өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли ҳүжжети яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары бар болғанда ғаңа шембиликлерди шөлкемлестириў, шембиликлерде қатнасатуғын шахслар өзи мийнет ететуғын тийисли шөлкем аймағында, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик нормаларына қатаң бойсынған ҳалда өткерилиўи, шембиликлер барысында бәрше, басқа түрдеги жәмәәт ислери, сол қатарда қурылыс оңлаў ҳәм аўыл хожалығы жумысларына мәжбүрий тартылыўына қатаң жол қоймаў тек ғана абаданластырыў, көклемзарластырыў, жумыс орынларын тәртипке келтириў ислерин әмелге асырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тек ғана тийисли мәҳәлле аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, балалар ҳәм спорт майданларын оңлаў, материаллық-мәдений мийрас объектларын зәрүр ҳалатта сақлаў, қәбристанларды қурыў, реконструкция қылыў, оңлаў ҳәмде зәрүр ҳалатта сақлаў жумысларына халықты ыхтыярый қатнасыўы, автомобиль жолларда, ҳәрекетлениў тығыз болған көшелер, суў объектлери, қырғақ бойы аймақлар ҳәм зоналар, қурылыс майданлары, имаратларда, қәўипли ислеп шығарыў объектлеринде, сондай-ақ адамлардың өмирине ямаса ден саўлығына қәўип туўылыўы мүмкин болған орынларда ыхтыярый баслама менен шембиликлер ҳәм басқада жумысларды ислеў қатаң түрде қадаған етилген.
Пукаралар мәмлекетлик органлар ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамсыз ис ҳәрекетлери ақыбетинде өз ҳуқықларын бузылған деп есаплаған жағдайда шағым менен тийисли мәмлекетлик органлары яғный Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсебетлери министрлигиниң Мийнетти қорғаў бойынша инстпеторларына ямаса ҳуқықты қорғаў уйымларына ҳәм олардың исеним телефонларына мүрәжаат етиў ҳуқықына ийе.
Жумыс бериўши лаўазымлы шахстың пуқаларды мәжбүрий мийнетке тартыўы ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп  болып ҳуқықбузарлыққа жол қойғанлығы ушын нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген тәризде жазаға тартылады. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстың 51-статьясына муўапық, базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем, егерде ер жетпеген шахсқа қолланылған болса базалық есаплаў муғдарының жетпис есесинен жүз есесине шекем жәрийма белгиленген, лаўазымлы шахслардың мәжбүрий мийнетке тартыўда хуқықбузарлықтың социал қәўиплилик дәрежесине қарап Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 205-206-статьялары менен жынайый жуўапкершиликке тартылыўы көрсетилип өтилген.
Жуўмақлап айтқанда, пуқараларды қорқытыў, жаза қоллаў, мийнет искерлигинен ҳәм хошаметлеўден шеклеў сыяқлы мийнет хызметине кирмейтуғын ҳәр қандай жумысларға тартыў мәжбүрий мийнет есапланады. мәжбүрий мийнетке тартқан ҳәр қандай лаўазымлы шахс нызам алдында жуўапкершиликке тартылады. сондай екен өзиниң нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлери бузылған ҳәр бир пуқара Конституция ҳәм нызамларға қайшы келиўши жағдайларға дус келгенде жоқары турыўшы органларға мүрәжаат етиў ҳуқыкына ийе. Себеби мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннети болып табылады.

Қоңырат районы Әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси
Марат Сметуллаев