Янгиликлар
11
Билесизбе
Жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызмети (ЖПХ) хызметкерлери менен қатнасықларда төмендеги ҳуқықларға ийе (https://lex.uz/docs/4089917#4094715):
- ЖПХ хызметкери тәрепинен тоқтатыў тийкарлары ҳәмде қағыйдалардың қайсы бәнти бузылғанлығы ҳаққында түсиндирме бериўди талап етиў;
- транспорт қуралын тоқтатқан ЖПХ хызметкеринен өзин таныстырыўды, хызмет гүўалығын көрсетиўин ҳәм көкирек белгисин мәлим етиўин талап етиў;
- хызметти мобиль видеокамерасыз алып барып атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди бермеў;
- ЖПХ хызметкери менен өзара мүнәсибетин өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға дизимге алыў (қадаған етилген белги бар болған аймақлардан тысқары);
- нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары транспорт қуралы кабинасынан шықпастан, ЖПХ хызметкери менен өзара қатнасыққа кирисиў;
- ислеген қағыйдабузарлығы дизимге алынған арнаўлы маслама нәтийжелери менен танысыў;
- ҳуқықбузарлық жағдайын анықлаўда пайдаланылған арнаўлы қураллардың салыстырыў сертификатларын көрсетиўди талап етиў;
- ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша түсиниклер бериў;
- тийкарсыз тоқтатып турылмаслығын талап етиў;
- ЖПХ хызметкери тәрепинен транспорт қуралын ямаса ондағы жүкти сыртқы көзден кешириў процессинде қатнасыў;
- өзи тоқтатылған аймақта ЖПХ хызметкери хызмет алып барыўы мүмкинлиги ҳаққындағы дислокация көширмеси менен сол орынның өзинде танысыў;
- ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилгеннен соң ЖПХ хызметкериниң дислокациясы сақланып атырған қатар бөлими баслығынан дислокация ҳаққында жазба мағлыўмат бериўди талап етиў;
- өзине қатара рәсмийлестирилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянлама ҳәм басқа ис ҳүжжетлери менен танысыў, олардан өз есабынан нусқа көшириў ямаса оларды фотосүўретке алыў;
- ЖПХ хызметкериниң ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги, рәсмийлестирилген ҳәкимшилик баянлама үстинен жоқары турыўшы органға ямаса судқа шағым етиў;
- өзи гүўасы болған ҳәдийсе ҳаққында ЖПХ хызметкерине ҳақыйқый мағлыўматты баян етиў.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими