Yangiliklar
Пахта ҳәм ғәллеге мәмлекетлик буйыртпа бийкар етилиўи неге аҳмийетли?
Өзбекстан Республикасында "Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими" ҳәм "Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери" аныкланды
Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан навбатдаги “Street law” лойиҳаси ўтказилди
Билесизбе
Қымбат баҳалы металлардан ҳәм қымбат баҳалы таслардан зергерлик буйымларын ҳәмде басқа буйымларды ислеп шығарыўды лицензиялаўда арзаны көрип шығылғанлығы ушын жыйым төмендегише алынады:
- юридикалық шахслар ушын – ең кем ис ҳақының 5 есеси муғдарында;
- жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын – ең кем ис ҳақының 2 есеси муғдарында.
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усынылған пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.
Билесизбе
Төмендеги жумысларда ер жетпегенлер мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмайды (http://lex.uz/docs/1582076):
- жер асты, суў асты, қәўипли бәнтликте ямаса жабық орталықта орынлаў;
- қәўипли механизмлер, әсбап ҳәм үскенелер менен байланыслы болған;
- қәўипли буйымлар ямаса процесслер, температура, шаўқым ямаса толқынланыў дәрежесиниң жоқары тәсиринде ер жетпегенлердиң саламатлығына зыян келтириўге алып келетуғын зыянлы шараятлардағы;
- аўыр мийнет шараятларында орынланатуғын (жумыс ўақтының даўамлылығы узақ болған, түнги жумыслар ҳәм басқалар менен байланыслы болған);
- өзиниң өзгешелиги менен бундай тайпадағы хызметкерлердиң әдеп-икрамына зыян келтиретуғын;
- белгилеп қойылған нормадан артық аўыр жүк көтериўи ҳәм тасыў менен байланыслы болған жумысларда.
18 жасқа толмаған мийнетинен пайдаланыў қадаған етилетуғын қолайсыз мийнет шараятлары менен байланыслы жумыслар дизими (http://lex.uz/docs/1503069#1503121) ҳәм 18 жасқа толмаған шахслар көтерилиўи ҳәм тасыўы мүмкин болған аўыр жүк нормалары шегарасы (http://lex.uz/docs/1479061) Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери ҳәм Ден саўлықты сақлаў министрликлери тәрепинен белгиленеди.