Yangiliklar
Билесизбе
Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў искерлигиниң төмендеги түрлери лицензияланады:
- ректификатланған тутыныў этил спирти, жүзим, резавор мийўе, вино спирти, жүзим ҳәм резавор мийўеден таярланған спирт шийки заты;
- техникалық этил спирти, эфироальдегидли фракция;
- жүзим, вино, коньяк, виски, ром, резавор мийўе ҳәм кальвадос дистилляти;
- арақ, жүзим ҳәм мийўе арағы, ликёр-арақ өнимлери;
- коньяк, коньяк ишимликлери, бренди, виски, ром, кальвадос;
- жүзим ҳәм резавор мийўе виносы, көпиретуғын ҳәм газли вино;
- өткирлиги 7,0 проценттен 22 процентке шекем болған вино ишимликлери;
- жүзим ҳәм резавор мийўеден таярланған вино материаллар;
- пиво ҳәм пиво ишимликлери.
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги тәртибине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усыныс етилген пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.
Билесизбе
Дийхан хожалығы ҳәм 4 сотиктен кем болмаған қыйтақ жерде бәнт болған ямаса усы участкада қарамал ямаса 50 бастан кем болмаған қусшылық пенен шуғылланып атырған физикалық шахслар тәрепинен Бюджеттен тысқары пенсия қорына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнет стажына киргизиледи.
Билесизбе
Аудиторлық искерлигин лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-мартдағы 218-сан қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/4238916) тийкарында әмелге асырылады.
Оған көре, аудиторлық искерлигине лицензия алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза;
- мийнет дәптершелери нусқалары;
- тийкарғы жумыс орны бойынша штатдағы аудиторлардың жумысқа қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрықлар нусқалары.
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы лицензияланатуғын искерлик түрин әмелдеги қурамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Берилген усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып лицензияланатуғын искерлик түрин жетилистириўде пайдаланылады.
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Қаракөлшилик субъектлерине субсидия ажыратылады
“Қаракөлшилик субъектлерине субсидия бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны 3213, 24.01.2020-ж.).
Қарар менен тастыйықланған режеге көре, қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сатқан қаракөлшилик субъектлерине ҳәр финанс жылында кейинги финанс жылына шекем төмендеги муғдарда бир мәртелик субсидия ажыратылады:
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөл териси ушын 50 мың сумнан;
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөлше териси ушын 75 мың сумнан.
Буның ушын қаракөлшилик субъектлери Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине субсидия ажыратыўды сорап арза менен мүрәжат етеди.
Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
- район статистика бөлими тәрепинен берилген бар болған қаракөл қойлар бас саны ҳәм жетистирилген қаракөл тери саны ҳаққындағы мағлыўматнама;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылыў бойынша экспорт шәртнамасы ҳәмде экспортқа жиберилген өнимлер ушын есап-фактура ҳүжжетлери нусқалары;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылғанлығы ҳаққында бажыхана жүк декларациясы нусқасы.
Усы ҳүжжет талаплары 2019-2023-жылларда қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сататуғын қаракөлшилик субъектлерине қарата усынылады.
Билесизбе
Қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслар менен ислеўге дизимнен өткериў гүўалығының әмел етиў мүддети төмендегише:
- қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслар менен жумысларды әмелге асырыўға 5 жыл мүддетке;
- зергерлик буйымлары ҳәм қымбатбаҳалы металлар ҳәм қымбатбаҳалы таслардан жасалған басқа буйымлар менен саўда етиў ушын улыўма ямаса тезлестирилген тәртипте 1 жыл мүддетке.
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы руқсатнаманың әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграмм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Берилген усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып руқсатнама бериў тәртибин жетилистириўде пайдаланылады.
Билесизбе
Темеки өнимлерин ислеп шығарыўды лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 7-сентябръдеги 190-санлы қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/1054287) тийкарында әмелге асырылады.
Режеге муўапық лицензия питиминде төмендегилер болыўы керек:
- питимди имзалаған шахслардың фамилиясы, исми, атасының исми, лаўазымы;
- тәрепилердиң реквизитлери;
- лицензия берилип атырған анық искерлик түриниң аты;
- лицензия талаплары ҳәм шәртлери;
- тәреплердиң жуўапкершилиги;
- лицензиялаўшы орган тәрепинен қадағалаў тәртиби;
- питимге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби;
- лицензиат тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң турақлы ямаса бир мәрте қопал рәўиште бузылыўы дизими;
- әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа зәрүр мағлыўматлар;
Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы рухсатнаманың әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усынылған пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып рухсатнама бериў тәртибин жетилистириўде пайдаланылады.
Қишлоқ хўжалигига мўлжалланмаган ер участкаларини хусусийлаштиришдаги янги тизимнинг ҳуқуқий асослари
Тўрткўл тумани адлия бўлими аралашуви билан фуқаро Е.Халмуратованинг пенсияси қайта ҳисобланди
Допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи