Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар

Интенсив бақ, жүзимзар ҳәм теплицалар халыққа лизинг ҳәм кредитке бериледи

“Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў дәстүрлери шеңберинде бақшылық, жүзимшилик ҳәм теплица хожалығын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (52-сан, 30.01.2020-ж.).
Қарарға муўапық, Бақшылық ҳәм теплица хожалығын раўажландырыў агентлиги, Жүзимшилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги ҳәмде Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылады, теплицалар қурылады ҳәмде халыққа лизинг ҳәм кредит шәртлери тийкарында бериледи.

Интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар жаратыў, теплицалар қурыў жумыслары агентликлер ҳәм Фонд тәрепинен, сондай-ақ агентликлер менен келисилген ҳалда басқа шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады.

Интенсив бағ ямаса жүзимзарлар – олар өнимге киргенге шекем (түрине қарай) жеңилликли дәўир менен, теплицалар – 1 жыллық жеңилликли дәўир менен лизинг алыўшыға 7 жылға шекем мүддетке шекем лизинге бериледи ҳәмде коммерциялық банклер тәрепинен кредит ажыратылыўы мүмкин.
Қарар менен Интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар жаратыў, теплицалар қурыў ҳәмде оларды халыққа лизинг ҳәм кредит шәртлери тийкарында бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре, басламашылар мүрәжаты тийкарында район ҳәкимлиги, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары тәрепинен талапкерлердиң дәслепки дизими қәлиплестириледи.
Дизим қәлиплестирилгеннен кейин, район ҳәкимлиги тийисли агентликлерге ямаса Фондқа жазба мүрәжат етеди.

Агентликлер, Фонд еки ай мүддетте интенсив бағ, жүзимзар ямаса теплицаны басламашыға лизинг ямаса кредит шәртлери тийкарында бериў ушын лизинг шөлкемин ямаса коммерциялық банкин анықлайды. Жойбарды тастыйықлап, район ҳәкимлигине усынады.
Сол тийкарда, район ҳәкимлиги тәрепинен 10 күн мүддетте интенсив бағ, жүзимзар жаратыў ушын 10 гектардан, ыссыхана қурыў ушын 3 гектардан кем болмаған жер майданын 10 жыл мүддетке ўақтынша пайдаланыў шәрти менен ажыратылады.