Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

31

Пахта ҳәм ғәллеге мәмлекетлик буйыртпа бийкар етилиўи неге аҳмийетли?


Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске мүрәжатинде мәмлекетимиз раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли идеялар ҳәм реформалар алға сүрилди. Бәршеси тийисли тараўлардың алға қарай нық қәдем қойыўына тийкар жаратады, олардың комплекс тәризде турмысқа енгизилиўи болса мәмлекетимиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўына себеп болыўы гүмансыз.
Солар ишинде Өзбекстанның кейинги әсирлердеги экономикалық-социаллық ўақыялылығы, керек болса, халықының тәғдирине үлкен тәсир етип келген аўыл хожалық тараўындағы революциялық жаңалық халыққа жәрияланды, бул мүражатта тилге алынған ең итибарлы ҳәм қәдирли темалардың бири екенлигин тән алыўымыз зәрүр. Яғный пахта ҳәм ғәлле ушын мәмлекетлик буйыртпасын бийкар етиў қарары кулминациялық ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе жаңалық болады.
Бул не ушын әҳмийетли?
Не ушын бул соншелли әҳмийетли деген сораў пайда болыўы тәбийий.
Қысқаша айтқанда, пахта ҳәм ғәлле ушын мәмлекетлик буйыртпаның бийкар болыўы фермерлер искерлигинде түп-тийкарынан өзгерис келтирип шығарады, олардың өз жерлеринде искерлик жүргизиў еркинлигине түртки береди, бәсекилик өседи, яғный мәп күшейеди, бул болса өз нәўбетинде аўыл хожалығында өнимдарлықтың асыўына алып келеди.
Президентимиз де пахта ҳәм ғәлле халқымыздың кесеси ағарыўына алып келмегенлигин көп мәрте айтып келмекте:
“Тилекке қарсы пахта бизди бақпады”, - делинди мәмлекет басшысы сөзинде. Сол себептен соңғы ўақытларда бул тараўдағы либерал реформалар  исенимли әмелге асырылмақта, сол себепли усы қарарды мүрәжаттағы ең әҳмийетли жаңалық, десек қәте болмайды.
Аўыл хожалығы, қәлеймиз бе жоқпа, басқа бәрше тараўлардың искерлигине, керек болса, усы тараўлардың раўажланыў келешегине ҳәттеки, тәғдирине тәсир етип келмекте.
Соның ишинде, аграр тараўдағы бар болған қатнасықлар мәмлекеттеги нызам үстинлигин тәмийинлеўге, шәртнамалық қатнасықлардың раўажланыўына, материаллық ресурслардың бөлистирилиў принциплерине, мәмлекеттеги баҳа сиясаты жүргизилиўине, ҳәкимшилик реформаларға (яғный қайсы орган негизинде қайсы функцияларды орынлаўы керек), корпоратив басқарыў системасына яки банк-финанс тараўының ислеў принциплерине, улыўма, базар экономикасының қарар табыўына, аўыл аймақларының  раўажланыўына тәсир етеди.
Себеби бул тараўдың реал ислеўин тәмийинлеў ушын жумсалатуғын күшлер жоқарыдағы тараўлар менен жақыннан бирге ислеседи ҳәм өз-өзинен оларды өз тәсири астына алады.
Соны итибарға алып, аўыл хожалығындағы жеңилликлер басқа тараўлардағы бар болған қағыйдалар, принциплер, мүнәсибетлердиң де раўажланыўына алып келеди, деўимиз мүмкин. Пахта ҳәм ғәллеге мәмлекетлик  буйырпасының бийкар болыўы болса, буйыртпашының бул тараўға араласыўын кемейтеди. Бул барада бағдарланып келинген ресурслар мақсетке муўапық бөлистириледи: атап айтқанда, ҳәкимликлерге басқа әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалары, әсиресе бүгинги күнде ең актуал болған социаллық тараў менен шуғылланыў имканияты жаратылады.
Раўажланыў факторлары
Күн тәртибинде аўыл хожалығына жаңа технологиялар, инновациялар киргизиў ең әҳмийетли мәселе етип анық қойылмақта, инвестициялар, бәсекиге шыдамлы өнимлер, мийнет өнимдарлығын асырыў бойынша илажлар көрилмекте.
Бул үлкен трансформация процессин әмелге асырыў ушын аўыл хожалығында қандай шараят ҳәм орталық болыўы лазым, деген ҳақылы сораў туўылады, әлбетте.
Улыўма алғанда, ҳәр қандай тараўда болғаны сыяқлы аўыл хожалығы тараўының раўажланыўына үлкен түртки болыўшы факторлар бар болып, олар ишинде ең әҳмийетли ҳәм фундаментлеринен бири – бул мүлкке, мүлкий ҳуқықларға болған мүнәсибет ҳәм шараят болады.
Тарийхқа нәзер салып, аўыл хожалығы тараўында үлкен жетискенликлерге ерискен ямаса қәтелерге жол қойған мәмлекетлер тәжрийбесин үйренсек, усы ең базалық қағыйда, яғный жерге болған ҳуқықлардың қорғалғанлығы дәрежеси, қайта-қайта орайлық фактор ретинде сәўлелене береди.
Бул жерде гәп жерге қарата жеке меншик мүлкшилик мүнәсибети ҳаққында кетпей атыр, бәлки ҳәр қандай ҳуқықтың кепиллиги, яғный сол ҳуқықты бериўши тәрепиен “ойын қағыйдалары”на әмел етилиўи, қағыйдалардың тез-тез өзгериўине жол қоймаўы, яғный турақлылығы, ең қәўиплиси болса, усы ҳуқықлардан айырмаў перспективалары болады. Бул барада объектив көз қарастан қәўип-қәтер қәншелли жоқары болса, абырайлылық сонша кем бола береди.
Бул әлбетте жаңалық емес, барлық тараўда тап сондай базалық принциплер ҳүким етеди. Лейкин әйне жоқарыдағы сыяқлы турақлы қатнасықтың бар болыўы жерге, демек, аўыл хожалығына инвестиция объекти ретинде қаралыўына алып келеди.
Яғный, инвестор/фермер/исбилермен өз келешегин алдынан режеселтирип, мәпин есап-китап етип, мүлкий объектлерден ең оптимал тәризде пайдаланыў жолларын излейди, жер ҳаққында қайғырады, топырақ өнимдарлығын ойлайды. Қосымша бәсеки орталығының бар болыўы болса, оларды өз ҳәрекетлерин көп мәртебе әмелге асырыўға мәжбүр етеди.
Жер ҳуқықлары ҳәм оны қорғаў институтлары ушын әҳмийетли фактор ретинде, биринши нәўбетте, қәўипсизлик турады. Әйне сол сезим, яғный қәўипсизлик дәрежеси мүлкдар яки жер пайдаланыўшысының жерге қарата қандай қарарлар қабыл етилиўине тиккелей тәсир етеди: инвестиция киргиземе яки жоқ, оны асырап абайлай ма? Соның ушын да, бириншилерден жерге болған ҳуқықлар мәмлекетлер тәрепинен рәсмий  дизимнен өтиўши хуқықлар ишинде қәлиплесе баслаған ҳәм тийислилигинше қорғалған. Айырым мәмлекетлерде болса, мысалы Германияда дәстүрий түрде судлар тәрепинен жерге болған ҳуқықлар дизимге алып келинген (ҳәзир де сондай). Жерге қарата ҳуқық ең көп қәдир-қымбатқа ийе ҳуқық болғаны ушын да, судлар оның қорғаўына атланған.
Яки керисинше, ҳәр тәреплеме объектив искерлик жүргизиўши, жер ҳуқықлары қорғаўын қатаң рәўиште тәмийинлей алатуғын системаның, яғный мәмлекетлик институтларының бар болмаўы, жер қатнасықларында тәртипсизликке алып келиўи мүмкин. Бул мәселеде нызамларда кепилликлер белгиленген болып, олар әмелиятта енгизилмесе де, тап сондай кери ақыбетлер жүз береди (Уганда, Мексика).
Жер бул мәмлекеттиң ҳәм халықтын ең қымбат баҳалы активи, яғный ғәзийнесиндеги байлығы есапланады. Оннан максимал дәрежеде нәтийжели  пайдаланыў болса ең үлкен мақсети. Егер сизиң қандай да бир қымбат баҳалы жеке мүлкиңиз болса, әлбетте, оның баҳасын базар қунында белгилейсиз, соған жараса пайда көриўди қәлейсиз, 100 сумлық жеке мүлкиңизди 10 сумға берип қоймайсыз.
Өтмишке карап ис тутыў қайырлы болады, деп Абдулла Қодирий жүдә дурыс айтып өткен.
Белгили алымлар анализлерине яки улыўма тарийхый эволюцияға итибар қаратылатуғын болса, айырым мәмлекетлердиң жер ҳуқықларына мүнәсибетлери аўыл хожалығындағы өнимдарлыққа тиккелей тәсир етип келген.
Россия империясында Столипинниң жер реформаларына қарасак,
1861-жылда крепостной ҳуқықы бийкар болғанынан кейин, 1906-жылда жерге ийелик етиў ҳуқықының бериле басланыўы мийнет өнимдарлығының асыўына алып келген. Тилекке қарсы жақын тарийхтан билемиз, болып өткен революциялар ҳәм кейинала Совет Аўқамында жүз берген  тескери процесслер, яғный мәжбүрий коллективлестириў сиясаты аўыл хожалығына үлкен тәсир көрсетти. Тап усындай сиясат Алжир, Чили, ГДР, Мозамбик, Никарагуа, Перу мәмлекетлерин де жүз берип, уқсас унамсыз нәтийжелерди берген.
Қытайда болса атақлы Ден Сяопин өз реформаларын аграр тараўдан баслап, жерлерди бөлистирип, фермерлерге ғәрезсизлик бериўи ақыбетинде, Қытайдың аўыл хожалығы өнимдарлығы бирден асыўды баслаған.
Екинши жәҳән урысынан кейин Боливия, Ҳиндистан, Эфиопия, Иран, Япония, Қубла Корея, Тайванда жерлердиң ижарашыларға бөлистирилип берилиўи өнимдарлықтың кескин асыўына алып келген. Буннан әҳмийетли  тәреп бул жерлердиң бөлистирилиўинде теңликке әмел етилиўи есапланады. 1960–2000–жыллардағы мониторинглер соны көрсетеди, қайсы мәмлекетлерде жер бөлистирилиўинде теңлик принципине әмел етилсе (азшылық колында көп жер концентрациясы жүз бермесе), сол мәмлекетте жалпы ишки өнимниң жоқары өсиў көрсеткишлери көринеди. Бул белгили Gini индекси бойынша есапланғанда да айқын көзге тасланады.
Керисинше, мәмлекеттиң баҳа қәлиплесиўиндеги араласыўы қандай нәтийжелерге алып келиўин төмендеги мысалда да көриў мүмкин. Сиерра Леонда какао ҳәм кофе баҳалары тез өзгерип турар еди, атап айтқанда бир зүрәәттен екиншисине қарап баҳалар арасында парық жүдә сезилерли болатуғын еди. Бул тәбийий болады фермерлердиң дәраматына өз тәсирин көрсететуғын еди.
1949–жылда фермерлерди қоллап-қуўатлаў ушын Базар кеңеси деген дүзилме шөлкемлестириледи. Кеңес баҳалар арзан болып қалған ўақытта фермерлерден өнимди қымбатлаў, баҳалар қымбат болып кетсе, арзанлаў сатып алыў арқалы кескин баҳа өзгериўин турақлы басқарып барыўы керек еди.
Идея жақсы, тек реал өмирде бул кери нәтийжеге алып келди. Базар кеңеси искерлиги ҳәм ҳәкимшилиги ушын қәрежетлер керек еди. Бул қәрежетлер әлбетте фермерлер есабынан алынатуғын еди. Солай екен, тийкарғы ўазыйпаны орынлаў ушын белгили бир зүрәәтте фермерлерге базар баҳаларынан сәл кемирек пул төлене басланды. “Сәл кемирек” түсиниги болса жыллар даўамында үлкейип бара берди. Сиерра Леоне 1961-жылда өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин де бул система сақланып қалды. Нәтийжеде 60-жылларда, мәрдана базар кеңеси какао фермерлерине өнимниң базар баҳасынан 48 процентин, кофе өниминиң 49 процентин төлеп берген болса, 1985–жылларға келип бул көрсеткиш тийислише 19 ҳәм 27 процентке түсип кетти.
Табийий, базар кеңесиниң баҳа сиясаты жыллар даўамында фермерлердиң жер участкаларына қызығыўын, оларға ислеў бериў, минерал  азықландырыў, жер өнимдарлығын сақлаў, улыўма алғанда, инвестиция киргизиў қәлеўин сөндирип келген. Себеби фермерлер буннан ҳеш қандай мәп көрмеген.
Мәмлекетлер ҳәр қыйлы, миллетлер, үрп-әдетлер ҳәм дүнья қараслар ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Лекин фундаментал қағыйдалар барлық тараўларда бирдей нәтийже береди. Атап айтқанда, аўыл хожалығындағы тийкарғы раўажланыў факторларының негизинде нәтийжели ҳәм айқын, теңликти тәмийинлеўши институтлардың ислеўи, мүлкий ҳуқықлардың қорғалыўы, ертеңги күнди режелестире алыў имканияты, тийкарсыз өз ҳуқықларынан айырылыў қәтерлердиң жоқ екенлиги жатады. Егер биреўи ислемесе, пүткил бир механизм, яғный  тараў ислемейди. Жерден пайдаланыўшыда хошамет ямаса мәп болмаса, ҳеш бир формула нәтийже бермейди.
Сондай екен пахта ҳәм ғәлле ушын мәмлекетлик буйыртпаның бийкар болыўы да аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының өз жерлеринен өзлери қәлегенинше пайдалана алыўы, базар коньюнктурасынан келип шығып егинлерди жайластырыўы ҳәм баҳаларды қәлиплестириўди жүзеге келтиреди.
Жерлерге болған ҳуқықлар қорғалыўының жәнеде күшейтилиўи  болса аўыл хожалығындағы өнимдарлық ҳәм раўажланыўды жүдә жоқары дәрежеге көтериўи анық. Усы қәдем аўыл хожалығында Өзбекстан тарийхында жаңа дәўир басланғанлығынан дерек береди.
Күни кеше кабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң
ПҚ-4575-санлы қарары мүрәжатта белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына қатал кирисилгенлигин аңлатады. Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 10 жыллық стратегиясын 2020-жылда әмелге асырыў ис-илажларын көзде тутыўшы усы қарарда бул барада анық механизмлер нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги