Yangiliklar
Сырт ел инвесторлар менен ислеўди жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди
Ишки ислер органлары хызметкерлерин мобиль видеобақлаў қураллары менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди
Ҳуқуқий экспертиза ва юридик хизматларнинг фаолиятини мувофиқлаштириш бўлими томонидан 2019 йилнинг 6 ойи давомида амалга оширилган ишлар тўғрисида маълумот
Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Ҳүкиметтиң айрым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди (529-сан, 27.06.2019-ж.)
Беруний тумани адлия бўлими аралашуви билан ходим ишга тикланди
Сайлаў кодекси тастыйықланды
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Ҳүкимет қарары (526-сан, 25.06.2019-ж.) менен президент мектеплери ҳаққындағы реже тастыйықланды
Реже менен Президент мектеплериниң мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары белгилеп берилди.
Атап айтқанда, усы мектеплердиң тийкарғы мақсети руўхый жетик ҳәм интеллектуал бәркамал аўладты қәлиплестириўден ибәрат.
Президент мектеплериниң 11-класс пиктериўшилери сайланған пәнлер тийкарында халықаралық маманлық имтиҳанларын (International Baccalaureate, Advanced Placement ямаса International Advanced Levels) тапсырыў ҳуқықына ийе болады.
Усы имтиҳанлардан табыслы өткенлерге жетекши шет ел жоқары оқыў орынларына кириў имкәниятын беретуғын халықаралық диплом бериледи.
Президент мектеплерине 4-класс (биринши оқыў жылында 4-9-класслар) питкериўшилери арасынан қәбилийетли (баҳалар табели тийкарында тийисли STEAM пәнлери – математика, биология (тәбияттаныў), информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары физика, алгебра, геометрия, химия – бойынша жақсы баҳаға тамамлаған) оқыўшылар таңлаў тийкарында қабыл етиледи.
Қабыл басланыўынан кеминде 10 күн алдын жәрияланады.
Ҳүжжетлер тиккелей қабыллаў комиссиясына ямаса электрон формада да тапсырылыўы мүмкин.
Имтиҳанлар еки басқышта өткериледи:
1-басқыш – математика пәнинен 30 тест;
2-басқыш – мәлимлемени анализлеў ҳәм салыстырыў қәбилийетин анықлаў бойынша – 16 мәселе;
логика элементлери болған математика пәнинен– 24 мәселе;
инглиз тилинен – 55 тест.
Имтиҳан нәтийжелери Халық билимлендириў министрлигиниң ҳәм Президент мектеплериниң рәсмий веб-сайтына имтиҳаннан соң 30 күн даўамында жайластырылады.
Н.Кутлымуратова