Янгиликлар
05
2024-жылдың 9 айы даўамында исленген жумыслар
2024-жылдың 9 айы даўамында исленген жумыслар
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2024-жылдың 9 айы даўамында 411 мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы, соннан телевидениеде 208 мәрте, радиода 90, газетада 42, журналларда 7, электрон басылымларда яғный рәсмий дизимнен ѳткен электрон мәлимлеме ресурсларында 64 мәрте шығыўлар әмелге асырылды. 1958 мәрте социаллық тармақлар арқалы ҳуқықый үгит-нәсият илажлары алып барылды.
Сондай-ақ, 732 мәрте баянат (маъруза), дѳнгелек сәўбет, семинар, үйме-үй жүрген ҳалда аўызеки үгит-нәсият илажлары ѳткерилди.
Үгит-нәсият илажларында 55 түрдеги 18800 дана үгит-нәсият метериаллары буклет, флаерлер тарқатылды.
Район (қала)лық әдиллик бѳлимлери тәрепиен 2024-жылдың 9 айы даўамында 1929 мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы, усыннан телевидениеде 399 мәрте, радиода 653, газетада 266, электрон басылымларда яғный рәсмий дизимнен ѳткен электрон мәлимлеме ресурсларында 611 мәрте шығыўлар әмелге асырылды, ал 3749 мәрте социаллық тармақлар арқалы ҳуқықый үгит-нәсият илажлары алып барылды.
Сондай-ақ, 13 558 мәртебе аўыз еки түрде, усыннан 2 283 мәрте баянат (маъруза), 1 289 мәрте дѳнгелек сәўбет, 1 073 мәрте семинар, 8 913 мәрте үйме-үй жүрген ҳалда үгит-нәсият илажлары ѳткерилди.
Үгит-нәсият илажларында 677 кѳргизбели ҳуқықый үгит-нәсият илажлари 42 964 материаллар жәрдеминде жеткерилди, усыннан 668 түрдеги 42 961 дана үгит-нәсият метериаллары буклет, флаерлер тарқатылды.
Үгит-насият илажлары пуқаралардың күнделикли ѳмиринде ушырасып атырған машқалалардан ҳәм де физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түсип атрырған мүрәжатлардан келип шыққан ҳалда ҳәм де нызамшылықтағы жаңалықларды түсиндириў мақсетлеринде шѳлкемлестирилди.
Усы орында айтып ѳтиў керек Министр басшылары ҳәм де район(қала) әдиллик бѳлимлери тәрепинен ѳткерилген кѳшпели қабыллаўларда ҳәм де тиккелей физикалық ҳәм юридикалық шахслардан үй-жай, кредит, соcиаллық тәмийнат, алимент, неке, жумыс пенен тәмийинлеў мәселелеринде кѳплеген мүражатлар келип түскен ҳәм басым кѳпшилиги унамлы шешилди.
Қарақалпақстан Республыкасы
Әдиллик министрлиги
ҳуқықый мәлимлеме секторы
бас мәсләҳатшиси Б.Матжанова