Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Сапасыз өнимлерге қарсы гүрес күшейтирилмекте.


Сапасыз өнимлерге қарсы гүрес күшейтирилмекте.

Президент тəрепинен 28.02.2024 жылдағы “Өзбекстан техникалық тəрептен тəртипке салыў агентлигиниң искерлигин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-91-санлы Қарарына көре 2024-жыл 1-октябрьден баслап техникалық тəрептен тəртипке салыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын норматив ҳүжжетлер талапларына сайкес емес өнимлерди мəмиледен шығарыў ямаса өнимлердиң кеминде 60 пайызынан шақырып алыў ҳаққындағы көрсетпелерди орынламағанлығы ушын - юридикалық шахсларға реализация етилген өним баҳасының  100 пайызы муғдарында финанслық жəрийма қоллаў;
техникалық тəрептен тəртипке салыў саласындағы норматив ҳүжжетлер талапларына сәйкес емес өнимлерди ислеп шығарыў ҳəм реализация қылыў жағдайлары тастыйықланғанда, бул өнимлерге рəсмийлестирилген муўапықлық сертификатын Техникалық тəрептен тəртипке салыў саласында қадағалаў инспекциясы тəрепинен тоқтатып турыў;
сертификатластырыў уйымы қағыйдаларға əмел етпегенлиги (сондай-ақ, өнимниң барлық мəжбурий көрсеткишлерге муўапықлығы баҳаланбағанлығы) нəтийжесинде сапасыз өнимлер реализация етилгенлиги жағдайлары анықланғанда, усы уйымның сертификатлаў искерлигин Инспекция тəрепинен тоқтатып турыў жолға қойыў болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
Нотариат адвокатура ҳәм ҳуқықый хызметлер бөлими баслығы П.Кожаметов