Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

КОРРУПЦИЯ КЕЛЕШЕК ТЕРЕГИ ТАМЫРЫН ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТ.


КОРРУПЦИЯ КЕЛЕШЕК ТЕРЕГИ ТАМЫРЫН ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТ.

Бугинги күнде мәмлекет раўажына, жамийет турмысына регрессив тәсир жасап атырған коррупция иллети ҳаққында сөз кеткенде әтирапымызда болып атырған унамсиз ҳәдийселерди мысал келтирсек болады.        
Коррупция - латын тилинен алынған «сorruptio» сөзинен алынған болып - бузыў, айныў, параға сатылыў деген мәнисти аңлатады.
Коррупция - терминине бир қанша юридикалық әдебиятларда-бул жәмийетти түрли жоллар менен қысқыға алыўшы қорқынышлы иллет екенлиги, ол демократия ҳәм нызам үстинлиги тийкарларын ыдыратып жиберетуғынлығын, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келетуғынлығын, инсан өмириниң сапасы жаманласыўына ҳәмде адамлар қәўипсизилигине қәўип салатуғын шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселердиң пайда болып, раўажланыўы ушын шәраят жаратып беретуғынлығы ҳаққында айтып өтилген.
Коррупция мәмлекет аппараты ҳәм парламент искерлигинде, әсиресе лаўазымларға сайлаў өткериў қәрежетлерин көтериў көринислеринде де ушырайды. Лаўазымға сайланған адам түрли имкәниятлар жаратып, жәрдем ҳәм хызмет көрсетип өз “қарызын” қайтарады.
Коррупция тек ғана жынаят ҳуқықының ямаса жынаят процессиниң машқаласы емес, бәлки коррупция қурамалы сиясий, экономикалық ҳәм әдеп икрамлылық мазмунға ийе болған кең көлемли трансмиллий жынаят болып есапланады. Себеби бул жынаят шегара таңлап отырмайды. Илимпазлардың изертлеўинше бул жынаят мәмлекетлердиң үлкен ҳәм киши, раўажланған ҳәмде кәмбағал болыўына қарамастан, бәрше мәмлекетлерде ушырайды. Коррупция экономикалық көрсеткишлердиң пәсейип кетиўине ең тийкарғы себеплеринен бири болып, кәмбағаллық дәрежесин артыўы ҳәм ол мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийнлеў ушын ең үлкен тосық болып есапланады.
  Теориялық жақтан сыпатлағанда коррупция – бул мәмлекетлик ўазыйпаны орынлаўшы лаўзымлы шахстың яки жуўапкер лаўазымлы шахстың өз ийелеп турған лаўазымы ҳәм лаўазымы менен байланыслы абыройынан, мүмкиншилигинен жеке байлық арттырыў мақсетинде, дәмегөйлик нийетинде бир шахстың яки бир топар шахслардың мәпин гөзлеп  ҳәкимиятқа зыян келтириўи менен байланыслы жәмийетке қәўипли қылмыс болып есапланады.
Бул коррупция жынаятшылығының жүз бериў механизми төмендегише сыпатланады:
-Коррупция еки тәреплеме дүзилетуғын келисим болып, онда лаўазымлы шахс яки мәмлекетлик хызметтеги басқа шахс өзиниң лаўазымы, абыройы ҳәм оларға байланыслы мүмкиншиликлерге тийкарланып, өз хызмети ўәкилликлерин яки хызметин физикалық яки юридикалық шахсларға, рәсмий түрде «пуллаўды», ал, «қарыйдар» болса мәмлекет ҳәкимиятынан пайдаланыў мүмкиншилигин қолға киргизеди.
Коррупция жынаятларын жүзеге келтириўши шәрт-шараятлар-булар атқарыў ҳәкимияты системасының кемшилиги менен, нызамшылық техникасындағы кемшилик пенен, жәмийетте инсанлардың ҳуқықый мәдениятының пәслиги, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларында коррупция машқаласы менен гүресиўдиң ҳәлсизлиги менен байланыслы.
Өзбекстан Республикасы Жынаят ҳуқықында коррупция дегенде шөлкемлескен жынаятшылық, пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыў бериўде дәлдалшылық етиў, сондай-ақ, хызметкерди пара берип өзине қаратып алыў түриндеги жынаятлар көрсетилген.
Булардың ишинде ең көп әмелиятта ушырасатуғыны парахорлық жынаятлары яғный, ЖК 210-пара алыў, 211-пара бериў, 212-пара алыў-бериўде дәлдалшылық қылыў, 213-хызметшини пара есесине аўдырыў жынаятлары есапланады. Булардан басқа және лаўазымлы шахслардың жынаяты менен байланыслы бир неше статьяларда жуўапкершилик көрсетилген. Булар ЖК 205-ст. Ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў, ЖК 206-ст. ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллиги шегерасынан шетке шығыў, ЖК 207-ст. лаўазымына бийпарўалық пенен қараў, ЖК 208-ст. ҳәкимият ҳәрекетсизлиги ҳәм ЖК 209-ст. лаўазым жалғанлылығы болып есапланады.
Парахорлық жынаятларының санкциясында ЖК 210-ст. 1-бөлими бойынша ен кем ис ҳақының 50 есесинен 100 есесине шекем муғдарда жарийма, белгили ҳуқықтан айырған ҳалда 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы, 2-бөлиминде 5 дан 10 жылға дейин, 3-бөлиминде 10 дан 15 жылға дейин еркинен айырыў жазасы назерде тутылған.
Бул жынаятлардың алдын алыў антикоррупцион режелерди раўажландырыў, коррупция түсинигиниң анық шегараларын белгилеп алыў ҳәм нызамшылыққа енгизиў, Миллий нызамларымыздың БМШ ниң Коррупцияға қарсы Конвенциясы талапларына сәйкеслендириў, Коррупцияға қарсы ҳәрекет ететуғын бир неше нызамларды қабыл етиў, Мәмлекетлик хызмет системасының әшкаралығын күшейтиў ҳәм әлбетте пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын асырыў менен байланыслы. Сондай екен жоқарыда атап өтилген жаман иллетлерден өзиӊизди асраўға ҳәм оларға жол бермеўге шақырып қаламыз.


Шоманай районы әдиллик бөлими
юридикалық хызмет көрсетиў
орайы баслығы                                          Утемуратов Бахыт Жиенгалиевич