Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Жаңа редакциядағы Конституcиямыздың сайлаў системасы ҳаққында


Жаңа редакциядағы  Конституcиямыздың сайлаў системасы ҳаққында

Сайлаў демократиялық мәмлекеттиң тийкарғы белгилеринен бири болып, ол арқалы мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм келешеги өз сәулесин табади. Бул халықтың өз қәлеў-ерк-ықрарын билдириўи, пуқаралардың мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей қатнасыўының тийкарғы формасы болып табылады.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң турақлылығын тәмийнлеӯ ушын мәмлекет ҳәм жәмиеттииң бирдемлилиги, ондағы сиясий ҳәрекетлердиң қаншелли ашық ҳәм айдын болыўы әҳмиетли болып табылады.
Ҳақыйқаттан да, демократия өз мәнисине көре - халық ҳәкимияшылығы. Мәмлекет раўажланыўы ушын қарарлар қабыллаўда жәмиеттииң қатнасыўы әҳәмийетли дереклерден бири эсапланады. Демократияныңда тийкарғы белгилеринен бири, бул - халықтың мәмлекет ҳәм жәмиет басқарыўындағы туўрыдан-туўры қатнасыўы болып табылады. Соңғы жылларда сөз еркинлигиниң тәмийинлениўи демократиялық реформаларды әмелге асырыўда ең әҳмиетли орынды тутады. Жәмиетимизде сағлам пикир, алтернатив идеялар пайда бола баслады. Бир қанча консерватив пикирлеўден шегиндик, қәтелеримизге шеттен турып нәзер таслаў мумкиншилиги туўылды. Бул болса раўажланыўымыз ушын орын жаратып атыр.
Усы жылы жаңа редакциядағы Конститутсия қабыл қылынды. Ең әҳмиетлиси, онда   жәмиетимиз ушын әҳмийетли қәдириятларды беккемлеуге еристик. Мысал ушын, Өзбекстан дүнялық раўажланыў жолынан барыўы биз ушын консептуал әҳмиетке ийе ҳәмде сайлаў процессин раўажланыўдың ең әҳмийетли бағдарларын белгилеп алыўға имканият жаратады.
    Жаңа редакциядағы  Конститутсияға киритилген ҳәр бир өзгерис усы кунге шекем әмелге асырылған демократиялық реформалардың көриниси болып табылады. Журтымызда инсан ҳуқық ҳәм еркинлигин тәмийинлеў барысында әмелге асырылып атырған нәтийжели реформаларға сәйкес тәрзде миллий сайлаў системасы ҳәм мәмлекетимизде тарийхтан қәлиплескен ҳәм соңғы жылларда жоқары дәрежеге көтерилген миллий қәдириятларимызға, бай мәмлекетшилик тәжирийбемизге, халық аралық ҳуқықта улыумалық тән  алынған сайлаўға тийисли демократиялық принcиплерге сәйкес турде жетилистирип барылмақта.
Тийкарынан сайлаўлар демократиялық қәдирият болып, пуқаралардың сиясий ҳуқықларын әмелге асырыўлары ушын кең сиясий майдан жаратады. Сол себепли де инсан ҳуқықларын, сондай-ақ оның сиясий ҳуқықларын қорғаў ҳәм тәмийинлеў ғәрезсизлигимиз белгиси болған Конститутсияниӊ тийкарғы принcиплеринен бири болып табылады.
Бул үлыумалық тән алынған инсанпарвар  халық аралық ҳуқық нормалары бизиң миллий нызамшылығымызда да өз сәӯлесин тапқан.
    Өзбекстан Республикасы Конституcиясының ХХII бабы Сайлаў системасына бағышланған болып “Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекет ҳәкимияты ўәкиллик органларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып есапланады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз қәлеўин  билдириўи, теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепиленеди. Сайлаўлар улыўмалық, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе. Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, соның менен бирге суд ҳукми менен азатлықтан айырыӯ орынларында сақланып атырған шахслар сайланыўы мүмкин емес. Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аӯыр ҳәм жүдә аӯыр  жынаятлар ислегени ушын судтың ҳукмине көре еркинен айырыӯ орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек нызамға муўапық ҳәм де судтың қарары тийкарында айрылыӯы мүмкин. Басқа ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын туўрыдан-туўры ямаса тиккелей шеклеўге жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасы пуқарасы бир ўақтының өзинде екиден артық мәмлекет ҳәкимияты  ўәкиллик органының депутаты болыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Демек жуӯмақластырып айтқанда, сайлаўлар жәмиетимизде жаңа күш ҳәм жаңа идеяларды жүзеге келтиреди, мамлекетимиздиӊ раӯажланыӯна үлесин қосады, демократиялық раўажланыўдыӊ дәстүрлерин даўам еттиреди.

Тайарлаған: Караөзек районы юридикалық хызмет көрсетиӯ орайы
бас юрисконсулты Тлеӯбайев Тимур Даӯлетбай улы