Янгиликлар
28
Он сегиз жас-неке дүзиў ҳуқықына ийе болыў жасы.
Он сегиз жас-неке дүзиў ҳуқықына ийе болыў жасы.
Неке ҳәм шаңарақ бизиң ҳәр биримиз ушын қәдирли.Тарийхқа нәзер салып қарасақ жыллар даўамында неке диний қағыйдаларға тийкарланған.Ата-бабаларымыз шәрий неке тийкарында қурылған шаңарақты муқаддес деп билген ҳәм шәрий некениң шәртлерине қатты әмел еткен.
Неке қурыўдан тийкарғы мақсет бир-бирин түсинип, бир-бирин қоллап-қуўатлап жасаў ҳәм ийманы пүтин, саламат перзентти тәрбиялаўдан ибарат.
Соны атап өтиў орынлы жаслардың шаңарақ қурыўға таярлығы шаңарактың беккем болыўының гиреўи болып есапланады.Шаңарақта, мектепте бул мәселеге барлық ўақытта итибар бериўимиз керек.
Ɵзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексинин 13-статьясында неке дүзиў тәртиби ҳәм шәртлери белгилеп берилген.Неке ПҲАЖ органларында дүзиледи ҳәм усындай неке ғана шаңарақ қурғанлар арасында ҳуқық ҳәм миннетлерди келтирип шығарады. Диний жол менен дүзилген неке ҳуқықый әҳмийетке ийе емес.
БМШ тәрепинен 1948-жыл 10-декабрьде қабыл етилген Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик Декларациясының 16-статьясында, ƟзРсы Конституциясының 76-статьясында ҳәм Шаңарақ кодексиниң 14-статьясында неке дүзиў ерикли екенлиги, неке тек некеден өтип атырған еки тәрептиң еркин ҳәм толық разылығы тийкарында дүзилетуғынлығы белгилеп қойылған.Некеден өтиўшилер өз разылығын еркин билдириў қәбилетине ийе болыўы керек, неке дүзиўге мәжбүр етиў қадаған етиледи.Неке дүзиў ушын берилген разылық шын кеўилден болыўы керек.
Неке дүзиўдиң және бир шәрти неке жасына жетиў. Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң «Бала ҳуқықлары кепилликлерин еле де күшейтириўге байланыслы қосымша шара-иләжлар ҳаққында» ғы 2019жыл 22 апрельдеги ПҚ-4296 санлы қарарына тийкар неке жасына өзгерис киритилди.Қарарға муўапық 2019-жылдың 1 сентябринен баслап неке жасы ерлер ҳәм ҳаяллар ушын 18 жас етип белгиленди. (бурын неке жасы Ɵзбекстанда ер балалар ушын 18 жас, қыз балалар ушын 17 жас етип белгиленген еди).Бул жас көплеген үйрениўлер нәтийжесинде белгиленип, усы ўақытта жасларымыз шаңарақ қурыўға таяр болыўы есапқа алынған.
Психолог ҳәм қәнийгелердиң пикиринше турмыс қурыў ушын қыз балалар ушын 20-25 жас, ул балалар ушын 24-30 жас ең мақул жас.Бул жаста инсан шахс сыпатында қәлиплескен болып, турақ жайға ийе болған, материаллық жақтан тәмийинленген болады.Турмыста ушырасатуғын машқалаларды жуўапкершилик пенен шешеди.Соның ушын да бул жаста қурған турмыс турақлы болады.
Турмыс қурыў алдында турған жасларымыз қәнийгелердиң бул пикирин инабатқа алып, оған әмел етсе бул жаслар ушын да, жәмийетимиз ушын да пайдалы болар еди.
Төрткүл районы
ПҲАЖ бөлими баслығы Т.Мусаева.