Янгиликлар
24
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2024-жыл I шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
2024-жыл I шереги даўамында әмелге асырылған
жумыслары бойынша есабат
Министрликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў болып табылады.
Мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлер бүгинги күнде елимизде пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлерин тосқынлықсыз әмелге асырыў, социаллық тараўлар, сондай-ақ мәмлекетлик уйым, шөлкемлер искерлигин жәнеде асырыў, әдалатлы мийнет ҳәм турмыс орталығын жаратыў ушын жаңа имканият болып есапланады.
Бул жумысларды изшил даўам еттириў ҳаққында айтар екенбиз, пуқараларымыз мүрәжатларын өз ўақтында шешиў, халқымыз ушын мүнәсип тумыс тәризин жаратыў, инсаныйлықтың ең жоқары белгиси.
Социаллық, экономиқалық, мәдений тараўлар соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер искерлигинде бар болған аҳўалды жақсы тәрепке өзгерттириў олардың нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардан хабарымыз бар әлбетте.
Бул бағдарда министрлик тәрепинен 2024-жылдың 1-шереги даўамында даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық шахслардан министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлерине жәми 1 821 мүрәжатлар келип түсти, усыннан 1 093 мүрәжат (60 пайызы) қанаатландырылып, мүрәжатшылар ҳуқықлары тикленди.
Судларға жәми суммасы 2 млрд 561 млн сўмнан артық
589 дана даўа арзалары киритилип, пуқаралардың ҳуқықлары
суд тәрепинен тиклениўине ерисилди.
Министрликке келип түскен мүрәжатлар анализленгенде мүрәжатлардыӊ көпшилигин мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳәм пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тараўлары менен байланыслы екенлиги көрсетпекте.
Буннан тысқары, “ijro.gov.uz” системасы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм аймақлардағы мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерине келип түскен тапсырмалардың орынланыўы ҳәр айда таллаўдан өткерилип, нәтийжеси бойынша тийисли шаралар көриў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киритилмекте.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслы барлық мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў e-ngo.uz сайты арқалы толық әмелге асырылмақта.
Министрлик хызметкерлери тәрепинен 7 мыңға жақын үгит-нәсият илажлары өткерилди.
Усыннан, 725 и ғалаба хабар қуралларында әмелге асырылды ҳәм де 4045 ден аслам аўызеки ҳуқықый үгит-нәсият илажлары өткерилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында министрлик тәрепинен жаӊадан қабыл етилген 298 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықланған дизим бойынша Республика аймағындагы 121 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге жеткерип берилди.
Министрлик тәрепинен адвокатура тараўы баслы бағдарлардан бири етип белгиленип, алып барылған үгит-нәсият илажларының нәтийжесинде 2024-жыл басынан жәми 10 адвокатлар өз жумысларын баслады.
Ҳуқықый экспертиза тараўында 2024 жылдың 1-шерегинде ҳуқуқый экспертизадан өткериў ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен жәми 65 норматив түстеги қарарлар жойбарлары келип түскен, усыннан 43 норматив түстеги қарар жойбарларына унамлы жуўмақлар, 2 қарар жойбарларына унамсыз жуўмақлар берилген, 20 ҳүжжет жойбарлары нызамшылық талапларына муўапық болмағынлығы себепли қайта көрип шығыў ушын қайтарылды.
Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўши уйымлар тәрепинен есабат даўиринде 13 364 нызамбузыўшылық жағдайларына жол қойылған.
Тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўши 2 ўәкилликли уйымда үйрениўлер өткерилди, анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳәм алдын алыў мақсетинде 12 усыныс киритилди, 122 лаўазымлы шахслар ҳәм жуўапкер хызметкерлери ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
ПҲАЖ уйымарының жумысларын муўапықластырыў тараўында 2024-жыл 1-шереги даўамында 16 мың 185 акт жазыўлары Усыннан, туўылғанлықты дизимге алыў 9 338, некени дизимге алыў 3 790, некеден ажырасқанлық 378, өлимди дизимге алыў жағдайы 2 679 ни қурайды.
Cоның менен қатарда, ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен 1 млрд 680 млн сумнан артық мәмлекетлик бажылары ҳәм герб жыйымы пуллары өндирилген.
Буннан тысқары, район (қала) ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен архивлерде қағаз көринисинде сақланып атырған 3 млн. 700 мыңнан артық акт жазыўлары “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасына киритилип, санластырылыўы тәмийинленди.
Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда сөз етилгениндей барлық реформаларды халқымыз өз турмысында қолланыўын келешекте емес, бүгинги өмиринде көриўин олардан бүгин разы болыўын қәлейди. Халқымыздың мине усындай тилек ҳәм талапларың әмелге асырыў барлық басшы ҳәм жетекшилердиң тийкарғы миннет хәм ўазыйпасына айланыўы керек!
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы
бас мәсләҳәтшиси
Н.Төрениязов