Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-майдағы “Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жуўапкершилигин жәнеде асырыў ҳәм де ықшам басқарыў системасын қәлиплестириў ҳаққында”ғы ПП-80-санлы Пәрманы орынланыўы тәмийинле


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-майдағы “Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жуўапкершилигин жәнеде асырыў ҳәм де ықшам басқарыў системасын қәлиплестириў ҳаққында”ғы ПП-80-санлы Пәрманы орынланыўы тәмийинленбекте…

Мәмлекетимизде тең ҳуқықлықты тәмийинлеўде әдиллик уйымларының орны бөлек. Әсиресе соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған перспективалы жумыслар пуқаралар турмысында үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, әдиллик саласында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып атыр. Мәмлекетимиз басшысының пәрман, қарарлары тийкарында да әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң искерлиги және де раўажланып атыр.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы “Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымлары искерлигин нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши нәўбеттеги шөлкемлескенлик илажлары ҳаққында”ғы ПП-14-санлы Пәрманы орынланыўын, соның менен бирге, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, оларға көрсетилип атырған мәмлекетлик ҳәм ҳуқықый хызметлер көлемин кеңейтиўде әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жуўапкершилигин және де асырыў мақсетинде қабыл етилди.
Пәрманға көре, Әдиллик министрлигиниң қосымша 4 жаңа искерлик бағдарлары белгиленди. Соның менен бирге, әдиллик бөлимлерине 6 жаңа ўазыйпа жүклетилмекте олар төмендегише:
халық машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў ушын ҳәр айда мәҳәллелерде “Әдиллик күни” илажларын өткериў;
Бунда алыс аймақлардағы мәҳәллелерде ҳәр айда кеминде еки мәрте көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетип барылады.
Пәрманға тийкарланып мектеплерде “Ҳуқық класы” ҳәм ҳуқық пәнлерин тереңлестирилген ҳалда оқытыў шөлкемлестирилмекте.
Бул арқалы биз жас әўлад санасына ҳуқық ҳәм миннетлеме, ҳадаллық ҳәм пәклик түсиниклерин ҳәм де әдеп-икрамлылық нормаларын сиңдирип барыў, Конституцияның әҳмийетли тәреплерин оларға балалығынан баслап тереңирек үйретиў мүмкиншилигине ийе боламыз.
     Мәмлекетлик шөлкемлердиң жасларға өз есиклерин ашыўын да жүдә унамлы жағдай ретинде баҳалайман.
“Теңлесиме ҳуқықый жәрдем” илажлары шеңберинде әдиллик уйымларына жасларды алып барыў мүмкиншилиги жаратылып атыр. Бул дегени жаслар ҳақыйқый профессионал юристлер менен сәўбетлеседи.
Қосымша айтып отиў керек, министрлик ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң 4 маманлығын асырыў орайлары бирлестирилип, Юридик кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў институты шөлкемлестирилмекте.
“Online-mahalla” Платформасы арқалы пуқаралардың машқалаларына шешим табыў, соның менен бирге, халыққа бирлемши бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў, ҳуқықый мәсләҳәтлар бериў, жаслар, ҳаяллар, социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлер ҳаққында хабардар етиў, район, қала шөлкемлери ҳәм де мәҳәллелер бирлеспелерине бирден-бир ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша методикалық жәрдем көрсетиледи.
Булардың барлығы халық разылығы жолында исленип атырған жумыслар есапланады. Улыўма алғанда, ҳәр бир инсанның қәдири әзиз болып табылады. Олардың ҳуқық ҳәм еркинликлери нызам менен кепиллениўин быйылғы жылда әмелге асырылатуғын жумыслар арқалы да гүзетсек болады.
Халыққа ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша машқалаларды шешиўде “пуқара - мәҳәлле - әдиллик” системасы енгизиледи.
Бунда, халықтың күнделикли турмысындағы ҳуқықый мәселелер “мәҳәлле жетилик”лери арқалы Онлайн мәҳәлле платформасынан пайдаланып әдиллик уйымларына жеткериледи. Әдиллик уйымлары тәрепинен болса усы мәселелер жуўмақлары бойынша ҳуқықый илажлар, нызамшылыққа усыныслар ислеп шығылады. Сол арқалы “мәҳелле жетилиги”не пуқаралардың күнделикли турмысындағы ҳуқықый мәселелерге тийисли машқалаларын шешип барыўға жәрдемлесиледи.
Пәрман менен орайлар арқалы тағы 13 түрдеги жаңа хызметлер енгизилип атыр ҳәм мәмлекетлик хызметлериниң ҳәр бир мәҳәлле ҳәм пуқараның турмысына және де жақынырақ кирип барыўын тәмийинлеў мақсетинде исбилерменлерге де агент ретинде 15 түрдеги мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўге руҳсат берилди.
Және бир қолайлық мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде Face-ID системасы енгизилиўи болып табылады. Face-ID  системасы - бул қандай да бир мәмлекетлик хызметинен пайдаланбақшы болған пуқараны оның жүзинен танып, ол ҳаққындағы мағлыўматларды автомат түрде анықлайтуғын система есапланады.
Ҳәзирде пуқаралар хызметтен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына келип оның шахсын анықлаў ушын паспорт ямаса ID-картасы талап етиледи. Ендиликте, Face-ID  системасы енгизилсе, бул ҳүжжетлерге де талап болмайды, системаның өзи пуқараның кимлигин анықлап береди.
Бул өзгерислер, әлбетте, пуқаралардың ўақтын ҳәм қаржысын тежеўге хызмет етеди.
Соның менен бирге, Әдиллик министрлиги жанындағы Персоналластырыў агентлиги тәрепинен Халықтың бирден-бир реестри қәлиплестирилиўи ҳәм жүргизилиўи белгиленип атыр.
Соның менен бирге, Әдиллик министрлигине төмендеги ҳуқықлар берилип атыр:
интеллектуал мүлк ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талаплары бузылыўы ҳалатлары барысынан белгиленген тәртипте жуўмақ бериў;
контрафакт өнимлерди жасырын ислеп шығарыў ҳалатларын анықлаў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымлар менен бирге ислесиўде илажлар өткериў ҳәм анықланған контрафакт өнимлерин алып қойыў ҳәм жоқ етиў;
интеллектуал мүлк саласындағы нызам бузылыўы ҳалатлары барысынан исбилерменлик субъектлери искерлигинде өткерилетуғын тексериўлерди ўәкиллиқли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырыў.
Улыўма алғанда, атқарыўшы ҳәкимият мәмлекеттиң ўазыйпа ҳәм функцияларын әмелге асырыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын ҳәм де мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликлерине ийе болған мәмлекет ҳәкимиятының ғәрезсиз бир буўыны болып табылады. Ҳәкимшилик  ҳуқық саласы илимпазларының пикирине қарағанда, атқарыўшы ҳәкимият  субъектлери орнатылған ўәкилликлер шеңберинде мәмлекетлик басқарыўды әмелге асырады соның менен бирге, атқарыўшы ҳәкимият мәмлекетлик басқарыў уйымлары системасынан сыртда болыўы мүмкин емес.
Жуўмақлап айтқанда, халқымыздың мүнәсип турмыс шәраятында жасаўы ҳәм де әдиллик уйымларында искерлик жүргизиўши лаўазымлы шахслардың искерлигин және де беккемлеўге қаратылған бул жумыслар пуқаралар турмысында үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри
Е.Турсунов