Янгиликлар
27
Сергек ҳәм қырағы болың! Экстремистлик ҳәм террористлик топарлардың түп мақсетлери
Сергек ҳәм қырағы болың!
Экстремистлик ҳәм террористлик топарлардың түп мақсетлери
Терроризм - жәмийетте турақсызлықты келтирип шығарыў, халықтың кең қатламларында қәўетер ҳәм қорқыў оятыўға қаратылған сиясий гүрестиң өзине сай усылы болып табылады. Ол жасырын (конспиратив) түрдеги шөлкемлер тәрепинен турақсызлықты келтирип шығарыў арқалы ҳәкимиятты ийелеў мақсетинде әмелге асырилады. Терроршы топарлар жәмийетте халықтың кең қатламы атынан ҳәрекет қылып атырғандай тәсирлер оятыў мақсетинде диний уранлардан нықап сыпатында пайдаланады.
Терроризмниң ең тийкарғы өзгешеликлеринен бири бул ҳәрекет тәрепдарларының “Күш ислетиў ҳәм зорлық пенен мәмлекетти қулатыўшы ҳәм ҳүкиметке ерисиўди жеңиллестириўши тәртипсизликке алып келеди”- деген идеяға тийкарланып ҳәрекет етиўи болып табылады. Терроризмниң тағы бир өзгешелиги ҳеш қандай урыс болмай атырған, демократиялық институтлар искерлик көрсетип атырған, тынышлық ҳүкимран жәмийет шараятында алтернатив усылларды биле-тура бийкар еткен ҳалда, сиясий мәселелерди зорлық жолы менен шешиўге умтылыўында көринеди.
Сиясий мақсетлерди динге сыйыныў нықабы астында әмелге асырыўға қаратылған топарлар аймаққа кириўге ҳәрекет етеди. Өзбекстан ғәрезсизликке ерисиўи менен, диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў ушын беккем тийкарға мүтажлик сезилди. 2000-жыл 15-декабрьде Өзбекстан Республикасының “Терроризмга қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамының қабыл етилиўи мәмлекетимиз суверенитети, халқымыз пәраўанлығы ҳәм елимиз раўажланыўына қәўип салыўшы терроризмге қарсы гүресиў бойынша үлкен қәдем болды.
Мүқаддес ислам дини инсанларды ҳәр дайым тынышлыққа, өз-ара меҳир-муҳаббатлы болыўға шақырады. Ҳеш бир динге сыйыныў ислам дини сыяқлы меҳрибан, пәкизе емес. Ислам дининиң түп мәнисиде тынышлық болып табылады. Бирақ бүгинги күнде түрли ағымлардың пайда болыўы инсаният ушын қәўетерли қәўип болды. Ҳәзириң өзинде жүдә көп алжасқан ағымлар бар ҳәм олардың атларыда түрлише аталған. Мақсетлери болса - ислам динин жаман көрсетип, ҳәкимиятты ийелеў, инсанлар қанын төгиў болып табылады. Олар ислам дининде харам саналган жүдә көплеп ислерди өзлерине ҳадал деп санамақта. Әсиресе, исламдағы ең аўыр гүнәлардан саналган бийгүнә инсанлардың қанын төгиў, өзгелер мүлклерин басып алыў жолы менен ийелеў, ҳаялларды зорлаў сыяқлы ислерди туўры деп биледи. Илимсиз, жас өспиримлерди болса өзлерине аўдырып, ғәрезли мақсетлери жолында қурбан етиўлери ашынарлы жағдай. Солай екен, бундай ағым ағзалары я Қуран аятларын, я ҳәдислеринде улыўма тән алмайды.
Бузғыншы, сатқын кимселер болса мудамы елимиздиң тынышлығына кери тәсирин тийгизип, тынышлығымыздың бузылыўына ҳәрекет етпекте. Ҳәзирде бундай жеркенишли ҳәрекетлерди сырт еллерден турып, түрли интернет тармақлары арқалы әмелге асырып атырған, қандай жол менен болсада, жасларды өз тәреплерине тартыўға урынып атырғанлар жоқ емес. Жаратқанға шүкир етемиз, елимизде тынышлық ҳәм пәраўанлық ҳүкимран етпекте. Бул тынышлықтың қәдирине жетиў болса мүқәддес миннет болып табылады. Ҳәр бир ақыл-ойлы инсан ҳәр қандай жат пикирлерден сергек болып, перзентлерине туўры тәрбия бере алса, кеўилсиз жағдайлардың алдын алған болар еди.
Баҳадыр Икметуллаев
Кегейли районы Әдиллик бөлими
Инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқықты
қоллаў әмелиятын үйрениў бөлими
Бас мәслаҳатши, 2-ши дәрежели юрист