Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Перзентликке алыўдың тәртиби


Перзентликке алыўдың тәртиби

    Бугинги кунде Мәмлекетимизде балаларды социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм руўхый жақтан қорғаў бойынша унамлы жумыслар алып барылмақта. Бала ҳуқықлары тараўында нызамшылықтың тийкарын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қурайды. Оған муўапық бала туўылғаннан баслап инсан ҳәм пуқараның ҳуқық еркинликлери Мәмлекет тәрепинен қорғалады. Усыған муўапық перзентликке алыў ҳаққында өзгертиўлер киргизиў судтың шешиўши қарары тийкарында туўылғанлық ҳаққындағы акт жазыўын дизимге алған ПХАЖ уйымында ал, перзентликке алынған баланың туўылған жери өзгертилгенде болса шешиўши қарарда көрсетилген орнындағы ПХАЖ уйымында әмелге асырылады. Егерде шешиўши қарар көрсетилмеген болса, перзентликке алыўшылардың турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен жерине қарамастан ПХАЖ уйымы тәрепинен орынланады. ПЕрзентликке алынып атырған баланың туўылғанлығы ҳаққында АКТ жазыўына керекли өзгертиўлер ПХАЖ уйымлары тәрепинен, перзентликке алыў ҳаққындағы судтың шешиўши қарары нызамлы кушке кирген куннен баслап он кун даўамында киргизиледи. ПХАЖ уйымына көрсетип өтилген муддет таўсылғаннан кейин шақырылған жағдайда суд шешиминде бул қарар өз кушин жоғалтқанлығы ҳаққында жазыў болыўы керек. Перзентликке алыўды расмийлестириўде ПХАЖ уйымына, судтың нызамлы кушке кирген перзентликке алыў ҳаққындағы қарарынан көширме, перзентликке алынып атырған баланың туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалығы, перзентликке алыўшы(лар) ның шахсын тастыйқлайтуғын ҳужжетлери усыныс етиледи. Судтың шешиуши қарары келип тускен ўақытна көре арнаўлы дәптерде дизимге алынады ҳәм бөлек хроникалық тәртипте тигип қойылады. ПХАЖ уйымы судтың шешиўши қарары ҳәм перзентликке алыўшылардың ҳужжетлери тийкарында туўылғанлық ҳаққындағы АКТ жазыўына тийисли өзгертиўлер киргизиледи, туўылғанлық ҳаққындағы жаңа гуўалық ҳәм зәрур болғанда перзентликке алынғанлығы ҳаққында мағлыўматнама береди. Егер судтың шешиўши қарарында 10 жасқа дейинги баланың туўылған жери Республика шеңберинде өзгертилген болса, ол жағдайда шешиўши қарарда көрсетилген орнындағы ПХАЖ уйымында, қарарда көрсетилген болса перзентликке алыўшылар шақырық еткен ПХАЖ уйымы тәрепинен тикленген АКТ жазыўы дизимге алынады. Бунда АКТ жазыўын дизимге алған ПХАЖ уйымына АКТ жазыўына өзгертиў киргизиў ушын электрон мәмлимлеме системасы арқалы сораўнама жибериледи ҳәм дәаслепки АКТ жазыўы дизимге алынған ПХАЖ уйымына АКТ жазыўын сораўнама жиберген ПХАЖ уйымына ПХАЖдың бирден бир электрон архивы мәлимлеме системасы арқалы жибериледи. Перзентликке алыўшалар муражаат еткен ПХАЖ уйымы дәслепки АКТ жызыўы дизимге алынған ПХАЖ архивине (АКТ жазыўы бир нусқада дизимге алынған жағдайлар буннан тысқары) оны бийкарлаў ПХАЖдың бирден бир электрон архиви мәлимлеме системасы арқалы хабарнама жибериледи. Сондай-ақ перзентликке алыўды сыр сақлаў мақсетинде перзентликке алыў ушын ҳужжетлер перзентликке алыўшылардың ўақиллери тәрепинен, нызамшылықта белгиленген тәртипте ПХАЖ уйымына усыныс етилиўи мумкин.


Каракалпакстан Республикасы Адиллик Министрлиги    
Бозатаў районы ПНАЖ болими баслыгы Т Мамбетмуратова