Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ


Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен
2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында
МӘЛИМЛЕМЕ

Әдиллик министрлигиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў болып табылады.
Усы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Шымбай районы әдиллик бөлими (кейинги орынларда - Бөлим) тәрепинен 2023-жыл даўамында даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, бөлимге физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 397 мүрәжатлар келип түсти, усыннан
266 мүрәжат (67 пайызы) қанаатландырылды.
Судларға жәми суммасы 37 млн сўмнан артық
223 дана даўа арзалары киритилип, пуқаралардың ҳуқықлары
суд тәрепинен тиклениўине ерисилди.
Бөлимге келип түскен мүрәжатлар анализленгенде мүрәжатлардыӊ көпшилиги мийнет даўлары, социаллық қорғаў ҳәм юридик фактти тастыйықлаў мәселелери менен  байланыслы екенлигин көрсетпекте.
Буннан  тысқары, бөлим тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде  нызамшылықтың дурыс тәртипке салыныўы үстинен турақлы рәўиште мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Усының нәтийжесинде, 2023-жылда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 1 931  жағдайда нызамбузылыўына жол қойылғанлығы анықланды.
Анықланған нызамбузылыўы жағдайларын сапластырыў бойынша 75 усыныс ҳәмде  4 ескертиў киритилди;
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы ҳәм жуўапкер хызметкерлеринен 44 шахс ҳәкимшилик, 36 шахс интизамий жуўапкершиликке тартылды;
Киритилген усынысларға тийкар пуқараларымыздың
1 млрд 932 млн сўм муғдардағы қаржылары қайтарылды ҳәм төлеп берилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында Жәмийетде ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты артыррыў сондай-ақ, халықтың ҳуқықый саўатханлығын асырыў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен 2023-жыл даўамында мыңан аслам (1 011) үгит-нәсият илажлары өткерилди.
Атап айтқанда, 180 мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы,
202 мәрте интернет ҳәм социаллық тармақлар арқалы, 629 мәрте аўызеки, яғный, мекеме ҳәм шөлкемлерде, пуқаралардың өзин-өзи бақарыў уйымларында ушырасыў, семинарлар өткерииў ҳәмде үйме-үй жүриў арқалы ҳуқықый үгит-нәсият илажлары өткерилди.

Ҳуқықый экспертиза тараўында
2023 жылда ҳуқуқый экспертизадан өткериў ушын Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәмде Халық депутатлары Шымбай районы Кеңеси тәрепинен 7 норматив түстеги қарарлар жойбарлары келип түскен, усыннан 6 норматив түстеги қарар жойбарына унамлы жуўмақ берилген, 1 ҳүжжет жойбары болса, нызамшылық талапларына муўапық болмағынлығы себепли қайта көрип шығыў ушын қайтарылған.


Юридикалық хызметлер тараўында
Бүгинги күнде Шымбай районы әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы тәрепинен 20 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, 48 мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплерине, 32 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине юридикалық хызметлер көрсетилмекте.
Орай тәрепинен 2023-жыл даўамында жәми 57 340 ҳүжжет көрип шығылған (30 638 буйрық ҳәм 26 623 шәртнама).
Келип түскен буйрықлардан 30 607 не унамлы жуўмақ берилген, 31 буйрық нызамшылыққа муўапық емеслиги себепли қайтарылған, шәртнамалардың 26 610 не унамлы жуўмақ берилген, 13 шәртнама кемшиликлери себепли қайтарылған.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында
Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 2023-жыл даўамында жәми 40 мыңан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Сондай-ақ, жәми 728 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди (соннан, 409 жеке тәртиптеги исбилермен,
319 юридикалық шахс).
Буннун тысқары, район орайынан алыс аймақларға шығыў арқалы пуқаралардың ўақытларын тежеў ҳәмде олардың узағын жақын қылыў, соның менен бирге имкәнияты шекленген пуқараларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде олардың жасап турған орынларына барған ҳалда 2 618 көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

ПҲАЖ тараўы
ПҲАЖ бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында жәми
4 мың 22 дана пуқаралық ҳалаты актлери жазылған.
Атап айтқанда,  2 280 дана туўылғанлық ҳаққында, 628 дана неке дүзилгенлиги ҳаққында, 136 дана некеден ажырасқанлық ҳаққында ҳәмде 978 дана өлим ҳаққында акт жазыўлары дизимге алынған.
Буннан тысқары, ПҲАЖ бөлими архивинде қағаз көринисинде сақланып атырған 150 мыңнан артық акт жазыўлары “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасына киритилип, санластырылыўы тәмийинленди.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир исленген жумыслар артында инсан ҳәм жәмийет мәплери турғанлығын терең аңлаған ҳалда, алдағы искерлигимизде хызмет ўазыйпамызға еле де жуўапкершилик пенен қарап, жәмийетте нызамлылықты беккемлеў ҳәм де инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша барлық илажларды көрииўге айрықша итибарымызды қаратамыз.

    
А.Ернашов
Шымбай районы  
әдиллик бөлими баслығы