Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Мийнет мүнәсебетлеринде нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етейик


Мийнет мүнәсебетлеринде нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етейик
Өзбекстан Республикасында мийнет мүнәсебетлери демократиялық, инсаныйлық ҳәм әдиллик нормаларына муўапық ҳуқықый тәртипке салынған ҳәмде базар мүнәсебетлери шәраятындағы заман талапларына жуўап береди. Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси мийнет мүнәсебетлерин ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўшы тийкарғы норматив-ҳуқықый ҳүжжет болып, онда Өзбекстан Республикасы Конституциясының 42-статьясында нәзерде тутылған “ҳәр ким мүнасип мийнет кылыў, кәсип ҳәм искерлик түрин еркин таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолай мийнет шәраятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәмде мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған тәризде әдалатлы ҳақы алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғаныў ҳуқықына ийе” екенлиги ҳаққындағы қағыйданы әмелге асырыўға қаратылған барлық мүнәсебетлерди тәртипке салыўшы ҳуқықый нормалар орнатылған.
Нызамшылығымызда мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери хызметкерлер, ис бериўшилер ҳәм мәмлекет мәплерин итибарға алған ҳалда қабыл қылынады. Бул нызам ҳүжжетлери мәмлекет сиясатының әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болған пуқараларды экономикалық социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға мүнасип турмыс шәраятын жаратып бериўге қаратылғанлығы менен де әҳмийетли есапланады.
Соны айтып өтиў керек 2022-жыл 28-октябрь күни жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының мийнет кодекси қабыл қылыныўы мийнет тараўына байланыслы көплеген машқалаларға шешим болды. Сондай-ақ, усы нызам ҳүжжети менен мийнет мәселелерин тәртипке салыўшы, халық бәнтлигин тәмийнлеўши ҳәм мийнет нызамшылығына әмел етиў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўшы мәмлекет уйымларының ўәкилликлери анық белгилеп берилди.
Базар мүнәсебетлери шәраятында инсан ҳуқықларын тәмийнлеў, мийнет қылыў ҳәм өз мийнети менен мүнасип турмыс кешириўин кепиллеў, халықты социаллық тәрептен қорғаў Өзбекстан Республикасы нызамшылық искерлигиниң тийкарғы тәреплеринен болып есапланады.
Мийнетке тийисли социаллық мүнәсибетлер ҳуқық нормалары себепли ҳуқықый мүнәсибет түсин алады ҳәм ислеп шығарыў мүнәсибетлериниң өзине тән түрин жүзеге шығарады.

Мийнет мүнәсебетлериниң нызамлар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салыныўында барлық дәрежедеги мәмлекет уйымлары өз ўакилликлери ҳәмде ўазыйпалары шеңберинде қатнасады. Кәрхана ҳәм шөлкемлердиң локал нормалары арқалы ол жердеги жумыс ўақты ҳәм дем алыў ўақты режими, хызметкерлерге берилетуғын қосымша кепиллик ҳәмда жеңилликлер белгилеп бериледи.
Жуўмақластырып айтқанда пуқаралардың ҳукықый мәдениятын асырыў, мәмлекетимизде қабыл етилип атырған нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеринен хабардар қылып олардың ҳуқықый саўатқанлығын асырып барыў тийкарғы мақсетимиз болып есапланды.

Шымбай районлық Юридикалық хызмет көрсетиў орайы
бас юрисконсульти                                                                     Д.Ержанов