Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар

Жазаны орынлаў мекемелеринден азат етилген шахсларды жумысқа алғанларға субсидия бериледи. “Халықтың социаллық мүтажлиги бар айырым тайпаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигине көмеклесиў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары қабылланды. Қарарға муүўапық, 2023 жыл 1-октябьрден баслап жазаны орынлаў мәкемелеринден азат етилген шахсларды жумысқа қабыл еткен жумыс бериўшилерге ҳәр бир шахс ушын 3 айдан артық мүддетте мийнет искерлигин даўам еттиргеннен соң БЕМның 3 есеси (990 мың сум) муғдарында бир мәртелик субсидия ажратылады.
Бюджет шөлкемлери, мәмлекет кәрханалары, устав (фонды) капиталында мәмлекет үлеси 50 пайыз ҳәм одан артық болған юридикалық шахслар буннан тысқары.
2025-жыл 1-январьға шекем исбилерменлерге жазаны орынлаў мәкемелеринден азат етилген шахслардың бақлаўда болған (пробация) дәуиринде мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлары бойынша тѳленген физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын қайтарып бериў системасы енгизиледи.
Соның менен бирге, 2023-жыл 1-октябрден төмендегилер жолға қойылади:
“Жумысқа марҳамат” моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларында жазаны орынлаў мекемелеринден азат етилген шахсларға кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерин үйретиў;
Жазаны орынлаў мекемелеринден азат етилген шахсларды шөлкемлердеги әмелдеги бос болған (вакант) ҳәмде резервге қойылатуғын жумыс орынларына жумысқа жайластырыў системасы.
Қарар менен Жазаны орынлаў мекемелеринден азат етилген шахсларды жумысқа қабыл еткен жумыс бериўшылерге Бәнтликке көмеклесиў мәмлекет қоры қаржлары есабынан субсидия бериў тәртиби ҳаққындағы реже қабылланды.
Оған муўапық, жумыс бериўшилер жазаны орынлаў мекемелеринден азат етилген шахсты жумысқа қабыл еткеннен соң 3 айдан артық мүддетте мийнет искерлигин даўам еткеннен кейин субсидия алыў ушын район (қала) кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимлерине жазба түрде ямаса ЖИМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжаат етеди.

Шымбай районы әдиллик бѳлими
Юридикалық хызмет кѳрсетиў
орайы баслығы                                                               А.Реймов