Янгиликлар
19
Ғәрезсизлик жылларында бала ҳуқықларын қорғаў тараўындағы реформалар.
Ғәрезсизлик жылларында бала ҳуқықларын қорғаў тараўындағы реформалар.
Жас әӯлатты еркин, демократик ҳәм инсаныйлық принциплары тийкарында кәмил инсан руӯхында өсириӯ, оларды өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин жақсы билиӯи менен бир қатарда оларды әмелге асыра алатуғын ҳәм де өз миннетлемелерин ҳәм мәжбүриятларын саналы рәӯиште әмелге асырыӯ шын инсан сыпатында жәмийеттиң тең ҳуқықлы субъекти етип тәрбиялаӯ пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый, демократикалық жәмийет қурыӯды өз алдына мақсет қылып қойған ҳәр бир демократикалық мәмлекетлер сыяқлы Өзбекстан ушын да әҳмийетли ӯазыйпа есапланады. Жас әӯләт тәрбиясы мәмлекетимизде халық санының 40%тин 18жасқа шекемги болған балалар, 60% тин 30 жасқа шекемги жаслар қурайды. Сол себепли, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери тараӯындағы мәмлекет сыясатының баслы ӯазыйпасы балалар ҳәм жаслардың физикалық, интеллектуал ҳәм мәнәӯий раӯажланыӯы ушын қолай ҳәм ең жақсы шәрт-шәраятлар жаратыӯ, соның менен бирге көп балалы шаңаракларды, жетим балаларды ҳәм шаңарақ қарамағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлаӯ есапланады. Мәмлекетимизде жас әӯлад мәселесин олардың өз пуқаралық позициясына ийе инсан сыпатында тәрбиялаӯ, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеӯ мәселелерине ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ мәмлекет сыясатының баслы жөнелиси сыпатында үлкен итибар қаратылып келинбекте. Ғәрезсизлигимиз енди жәрияланған күннен баслапақ, яғный 1991-жылдың 20-ноябрь күни «Өзбекистан Республикасында жасларға тийисли мәмлекет сыясатының тийкарлары ҳаққында»ғы арнаӯлы Нызам қабыл қылынып, 2016-жыл
14-сентябрь күни болса, оның орнына Өзбекистан Республикасында «Жасларға тийисли мәмлекет сыясатының тийкарлары ҳаққында»ғы Нызамының қабыл қылынғанлығы буннан дәлалат береди.
Усы Нызамда жасларға тийисли мәмлекет сыясатының тийкрғы мақсети, Өзбекстан Республикасының жасларға тийисли мәмлекет сыясаты тараӯындағы ӯәкилликлери, жасларға тийисли мәмлекет сыясаты ҳаққындағы нызамлардың мазмуны қандай болыӯы керек екенлигин, булл ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнама нормаларының үстинлиги көрсетип өтилген. Жаслар сыясаты мәселеси 1992-жылғы ғәрезсиз Өзбекстанның Кoнституциясында өз тастыйғын табыӯына, сол жылғы Өзбекстанның БМШның тийкарғы ҳүжжетлеринен бири есапланған «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенцияға қосылыӯына ҳәмде усы ҳүжжетлер тийкарында өткен дәӯир аралығында балалар ҳәм жаслар мәселели бойынша 100ден артық нызамлардың қабыл қылыныӯы ҳәмде 2008-жылда, булл тараӯдағы арнаӯлы нызам есапланған Өзбекстан Республикасының «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамын, 2019 жыл 22 апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Бала ҳуқықларының кепилликлерин жәнеде күшейтириӯ бойынша қосымша ис-иләжларҳаққында»ғы ПҚ-4296-санлы қарарының қабыл қылыныӯына тийкар болды.
Жуӯмақлап айтқанда, мәмлекетимизде бүгинги күнде халықтың бала ҳуқықларына тийисли ҳуқықый мәдениятын раӯажландырыӯ бойынша ҳуқықый тийкар ҳәм инстиционал дизим жаратылды ҳәмде бул жетилисип келмекте. Бирак, нызамлардың ислеӯи, меxанизмлериниң сапасы биринши орында, халықтың ҳуқықый мәдениятының қай дәрежеде екенлигине байланыслы есапланады. Бул мақсетке тәлим-тәрбиясыз ерисип болмайды. Соның ушын да, мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары тараӯындағы тәлимди раӯажландырыӯ менен бир қатарда, оны ҳалықтың үлкен бөлегин қурайтуғын балалардың ҳуқықларын да айрықша оқытыӯ бүгинги күнниң әҳмийетли мәселесине айланбақта.
Шоманай районы әдиллик бөлими
юридикалық ҳызмет көрсетиў орайы баслығы
Утемуратов Бахыт Жиенгалиевич.