Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

31

МАҒЛЫЎМАТ


МАҒЛЫЎМАТ

    Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
    Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
    Бул бағдарда 2023-жылдың 12 айы даўамында Мойнақ районы  әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, бөлимге жәми 156 мүрәжәәт келип түскен болып, соннан   134 мүрәжәәт қанаатлантырылды, 21 мүрәжәәтке ҳуқықый түсиниклер берилди, 1 мүрәжәәт тийислилиги бойынша басқа органларға жиберилди, мүрәжәәтлар бойынша пуқаралық ислери бойынша судына 96 даўа арза, хәкимшилик ислери бойынша судына 29 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Бөлимге келип түскен мүрәжәәтлар анализленгенде ең көп мүрәжәәтлар мийнет ҳәм ис ҳақы өлимлик фактин тастыйықлаў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша  41 үйрениўлер өткерилип, 2359 нызам бузыўшылық  жағдайлары  анықланды.
Бөлим тәрепинен 57 мәкеме ҳәм кәрханаларға анықланған нызамбузыўшылық бойынша усыныслар киритилип, солардан 22 мәкеме ҳәм кәрхана басшылары ҳəмде хызметкерлерине ҳәкимшилик жəрийма, 6 мәкеме ҳәм кәрхана хызметкерлерине интизамий шаралар қолланылды, мәмлекетлик органлардың 27 қарары бийкар етилди ҳәм 4 мәкеме ҳәм кәрханаларга ескертиўлер берилди сондай-ақ, киритилген усынысларға тийкар 1 101 239 787 сум пуқаралардың мийнет ис ҳақылары төлеп берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик бөлими тәрепинен район ҳәкимлигиниң 8 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Белгиленген талапларға әмел етилмегенлиги себепли 2 қарар жойбарын бийкарлаў бойынша ҳәкимликке усыныс берилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
2023-жылдың 12 айы даўамында әдиллик бөлими тәрепинен «шахс-шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси-шөлкем жәмийет» принципи бойынша бир қатар үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, Бɵлим тәрепинен 2023 жыл 12 айы дауамында 658 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Ғалаба хабар қуралларында-232 мәрте,  соннан  телевидение арқалы-9, радиода-51, газета ҳәм журналларда-21, веб-сайтларда 168, аўызеки түрде-325, жазба ҳәм көргизбели формада-10 мәрте үгит-нәсият иләжлары әмелге асырылды.


Мойнақ районы
Әдиллик бөлими баслығы                 М.Сметуллаев