Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында



         Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы   ҳаққында

          2023 жылдың  7-июль  сәнесинде «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы(ӨРН-853-сан,  07.07.2023-жыл) нызам қабыл етилди.Мақтанышымыз нышаны есапланған мәмлекетлик байрақты қолланыў мүмкин болған жағдайлар саны және де көбейди. Буннан былай, мәмлекетлик байраққа ҳүрметти тәмийинлеген ҳалда, оннан, жәмийетлик орынларда, имаратлар ҳәм басқа да объектлерде, жасаў ямаса жумыс орынларында, сондай-ақ, оларға тутас болған аймақларда, транспорт қуралларының салонында пайдаланыў мүмкин.  Нызам менен мәмлекетлик байрағынан пайдаланылыўы мүмкин болған жағдайлар кеңейтирилди.
Атап айтқанда: байрақ ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден жәмийетлик орынларында,  имаратларда,  жасаў ямаса жумыс орынларында,  транспорт салонында,байрақтан спорт жарыслары,  ғалабалық,  салтанатлы ҳәм мәдений илажларда,  шаңарақлық байрамларда,  еслеў сәнелерди белгилеўде,  жәмийет ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлери,  әскерий хызметшилер жерлеў мәресимлеринде. Сондай-ақ  халқаралық спорт жарыслары ҳәмде θзбекстан чемпионатлары ушын спорт кийимлерин таярлаў ушын байрақтың сүўрети түсирилген белгилерден пайдаланыў мүмкин.  Соны айрықша атап өтиў орынлы  Нызам менен байраққа қарата ҳүрметсизлик етиў жағдайлары анық белгиленген.   Бунда   байрақтан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден жыртылған яки   тесилген жағдайлар  реңи ағарған ҳалда ҳәм басқа қабыл етип болмайтуғын тәризде пайдаланыў,қандайда бир зат ушын үстки жаўатуғын ретинде пайдаланыў,столларға,  отырғышларға төсеў ямаса сүўретлеў,  оннан қаплама ретинде пайдаланыў,  отырылатуғын басқа орынларға ямаса аяқ астына төсеў ямаса сүўретлеў,кийим-кеншек,  бет орамал ямаса көрпе-төсек ретинде,  буйымларды сақлаў ҳәм тасыў ушын пайдаланыў.Байрақ сүўрети түсирилген белгилерди аяқ кийим,  бет орамал,  көрпе-төсек,  ишки кийим-кеншек,  сүлгилерге,  қутылардың сыртқы көринисине (ораўларға),  бир мәрте пайдаланыў ҳәм таслап жибериў ушын мөлшерленген буйымларға басып шығарыў ямаса оның сүўретин басқаша тәризде түсириў.Байрақ ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден әдеп-икрамлық қағыйдалары ҳәм жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларына қарсы түрде пайдаланыў мүмкин емес.  Мәмлекетлик байрағынан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден белгиленген талапларға муўапық пайдаланыў ушын жуўапкершилик байрақтан пайдаланатуғын физикалық ҳәм юридикалық шахслар,  мәмлекетлик уйымлары мойнына жүклетиледи.Ҳәр бир инсан  мәмлекетлик байрақларды көргенде ҳақыйқый  шын мәниде кеўиллерге қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлери оянары сөзсиз. Ҳәр бир  кәсип ийеси байраққа көзи  түсикенде, Ўатан алдындағы әдиўли  миннетин  ҳәм хызмет ўазыйпаларына  және жуўапкершик  пенен атқарыўда үлкен күш-қуўат бағышлайды.  

     Бозатаў районы Әдиллик бөлими
     ПҲАЖ бөлими баслығы Т.  Мәмбетмуратова