Янгиликлар
22
Пуқаралар нызамсыз ис-ҳәрекетлерди ислемең, бундай ҳарекетлер исленгенлик ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Пуқараларды нызамсыз ис-ҳәрекетлерди ислемеў, бундай ҳарекетлер исленгенлик ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Өзбекстан Республикасында алып барылып атырған ашықлық ҳәм өз ерк-ықрарын нызамлы түрде билдириў иканияты жаратылганлығына қарамастан, 2022-жылдың 1-2-июль күнлери Нөкис қаласында бир топар шахслар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик басқарыў уйымларын ийелеўге урыныўға қаратылған нызамсыз ҳәрекетлер жүз берди.
Популистлик сүренлерди нықап етип, пуқаралардың санасы ҳәм исенимин манипулияциялап, тәртипсизликлердиң шөлкемлестириўшилери ҳәкимият ўәкиллериниң нызамлы талапларына бойсынбай, пуқараларды Қарақалпақстан Республикасының ҳәкимшилик имаратлары алдындағы орынға жыйналды.
Үшинши күшлер тәрепинен Өзбекстандағы жәмийетлик-сиясий жағдайды турақсызландырыў, оны изден шығарыўға урынды.
Ҳүрметли заманласлар, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына муўапық, пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға бойсыныўға, басқа адамлардың ҳуқықлары, еркинликлери, абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиўге миннентли деп көрсетилген.
Соның менен бир қатарда, Конституцияда ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлигине, ҳәр ким өзи қалеген мағлыўматты излеў, алыў ҳәм оны тарқатыў ҳуқықына ийе екенлиги, әмелдеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылган мәлимлеме ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлер буған кирмейтуғынлығы көрсетилген.
Усылардан келип шығып, пуқараларды нызамсыз ис-ҳәрекетлерди ислемеўге, бундай ҳарекетлер ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленгенлигин еслетип өтемиз.
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 201-статьясында жыйналыслар, митинглар, көше жүрислери ямаса шығыўларды шөлкемлестириў, өткериў тәртибин бузыў –
- Базалық есаплаў муғдарының алпыс есесинен сексен есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.
Жынаят кодексиниң 217-статьясында усы ҳәрекетлерди олардың шөлкемлестириўшиси тәрепинен бузыў усы ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса:
- Базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинликти шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинликтен айырыў жазасы менен жазаланады.
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 202-статьясында руқсат етилмеген жыйналыслар, митинглер, көше жүрислери ҳәм шығыўлар қатнасыўшыларына имаратлар ямаса басқа мүлк (байланыс қураллары, көбейтирилетуғын ҳәм басқа түрдеги техникалық үскенелер, транспорт)ти бериў ямаса сондай илажларды өткериў ушын шараятлар жаратыў:
- пуқараларға базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем, лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының жетпис есесинен бир жүз елиў есесинен шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады деп көрсетилген.
Усы кодекстиң 202-2-статьясында жәмийетлик тәртипке ямаса қәўипсизликке қәўип салыўшы жалған мәлимлемени тарқатыў, соның ишинде ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет дүнья жүзлик мәлимлеме тармағында тарқатыў:
-Базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Сондай-ақ, миллий, расалық, этникалық ямаса диний жек көриўшиликти үгит-нәсиятлаўшы материалларды тарқатыў мақсетинде таярлаў, сақлаў ямаса тарқатыў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги