Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Сайлаў 2021 Сайлаў кодексине тийкар Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлери мүддети тамамланыўынан кеминде үш ай алдын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланат


Сайлаў 2021

Сайлаў кодексине тийкар Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлери мүддети тамамланыўынан кеминде үш ай алдын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланатуғынлығы белгиленген.

2021-жыл 23-июль күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў кампаниясына старт берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан усыныў ҳуқықына сиясий партиялар ийе.

Президент сайлаўы бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партияларға белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклери бериледи.

Президент сайлаўы бойынша сиясий партия өзиниң ўәкилликли ўәкили дизимге алынғанлығы гүўалығын алғаннан кейин ғана сайлаўшылардың имзасын топлаўға ҳақылы. Бул сәнеге шекем топланған имзалар есапқа алынбайды (сиясий партияның жоқары уйымы басшысы сайлаў кампаниясы рәсмйи жәрияланған күннен баслап 5 күнлик мүддетте өз ўәкилликли ўәкилин тайынлайды ҳәм дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына ҳүжжетлерди усынады).

Сайлаўшылар бир яки бирнеше сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды қоллап-қуўатлап имза қойыўға ҳақылы. Бунда сайлаўшы өз фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша рәўиште туўылған күни ҳәм айын), жасайтуғын мәнзилин, паспортының сериясы ҳәм номерин, сондай-ақ, имза қойылған сәнени көрсетеди.

Усы мағлыўматлар қолдан жазып киргизиледи. Имза қағазына өз имзасын қоятуғын сайлаўшы ҳаққындағы мағлыўматлар сайлаўшының илтимасы бойынша имза топлаўды әмелге асырып атырған шахс тәрепинен киргизилиўи мүмкин.

Имза қағазы имзаны топлаған шахс тәрепинен өз фамилиясы, аты, әкесиниң аты көрсетилген ҳалда имзаланады, сондай-ақ, тийисли сиясий партияның районлық, қалалық дүзилмеси басшысы тәрепинен мөр басып тастыйықланады.

Сайлаўшылардың имзасын топлаў жумыс, хызмет, оқыў, жасаў орнында, сайлаў алды илажларында, сондай-ақ, үгит-нәсият жүргизиў ҳәм имза топлаў нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда әмелге асырылады.
Имза топлап атырған шахс тәрепинен сайлаўшыларды мәжбүрлеў ҳәм өзине қаратып алыўдың ҳәрқандай формасы нызамда белгиленген жуўапкершиликти келтирип шығарады.

Имза топлаў тамамланғаннан соң сиясий партияның ўәкилликли ўәкили Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша өз алдына топлап тигилген имза қағазларын Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырады.