Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Нызамшылықтағы_жаңалықлар Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейтириледи


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейтириледи

“Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў инфраструктурасын жетилистириў ҳәм халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтириў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди

Пәрманға көре, 2021-жыл 1-ноябрьден:

“Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасында дизимге алынған шахсларға, сондай-ақ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм (ямаса) Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа ҳәр қандай төлемлер бойынша 50 пайыз муғдарында шегирме қолланылады (исбилерменлик искерлиги мақсетлеринде ямаса юридикалық шахслар ўәкили сыпатында мүрәжат еткен жағдайлар буннан тысқары);

Мәмлекетлик хызметлер орайлары, “Лицензия” мәлимлеме системасы ҳәмде БИМХП арқалы көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер белгиленген мүддетинен 3 жумыс күнинен артық ўақытқа кешиктирилгенде, арза бериўшилердиң мүрәжатларына тийкар, хызметтен пайдаланыў ушын төленген мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа ҳәр қандай төлемлердиң 50 пайызы оларға 1 жумыс күнинде қайтарылады. Бунда арза бериўшиге тийисли мәмлекетлик хызмет бийпул көрсетиледи.

2022-жыл 1-январьдан айырым мәмлекетлик хызметлерин (8) көрсетиўде өндирилетуғын мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер муғдары кемейтириледи.

2021-жыл 1-декабрьден:

- шет елде турақлы жасаўшы Өзбекстан пуқаралары, сондай-ақ сырт елли физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳәмде пуқаралығы болмаған шахсларға электрон санлы имза гилти сертификатларын Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен бериў арқалы электрон мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў имканияты жаратылады;

- Өзбекстанда турақлы жасамайтуғын шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға физикалық шахстың жеке идентификация номери әпиўайыластырылған тәртипте район (қала) миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлеринде ҳәмде мәмлекетлик хызметлер орайларында әмелге асырылады;

- лицензия, руқсатнама, сертификат ҳәм басқа руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң дубликатын бериў ушын миллий валютада белгиленген төлемлер БЕМның 10 пайызына шекем муғдарда белгиленеди (нызамшылық ҳүжжетлеринде төлемлер белгиленбеген ямаса базалық есаплаў муғдарының 10 пайызынан кем муғдарда белгиленген жағдайлар буннан тысқары).



Пуқараларға ID-карта ҳәм шет елге шығыў биометрикалық паспортын бериў МХО арқалы да әмелге асырылады

Пәрманға  муўапық, 2022-жыл 1-январьдан Өзбекстан пуқарасы, Өзбекстанда турақлы жасаўшы шет ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахстың идентификация ID-картасы ҳәмде Өзбекстан пуқарасының шет елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў, соның ишинде мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы әмелге асырыў жолға қойылады.

Пәрман менен төмендегилер тастыйықланды:

- Мәмлекетлик хызметлери орайлары ҳәм БИМХП арқалы басқышпа-басқыш енгизилетуғын мәмлекетлик хызметлери дизими (87);
- 2022-жыл 1-январьдан көрсетиў мүддетлери қысқартылатуғын мәмлекетлик хызметлериниң айырым түрлери дизими (59).

2022-жыл 1-январьдан мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен халықтан, соның ишинде исбилерменлерден төмендегилерди талап етиў бийкар етиледи:

-фактлерди тастыйықлаўшы мағлыўматларды:

● исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалық мағлыўматларын;
● лицензия, руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлер ҳәм хабарнамалар қабыл етилгенлиги ҳаққында тастыйықнама бар екенлиги бойынша мағлыўматларды;
● мәмлекетлик бажы, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер төленгенлиги ҳаққында мағлыўматларды;
● қымбатлы қағазлар, қымбатлы қағазлар менен әмелге асырылған операциялар, дивидендлер алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды;
● кем тәмийинленен шаңарақ ямаса шағарақ ағзасы сыпатында дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды;
● физикалық шахслар тәрепинен төленген ҳәм алынған алиментлер ҳаққындағы мағлыўматларды;
● жоқары мағлыўмат ҳаққындағы диплом мағлыўматларын;
● физикалық шахс орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин тамамланғанлығы ҳаққында мағлыўматларды;
● физикалық шахс улыўма орта билимлендириў (11-класс негизинде) мәкемесин тамамлағанлығы ҳаққында мағлыўматларды;
● пуқара «Жаслар дәптери» ямаса «Ҳаяллар дәптери»нде бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды;
● өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды;
● жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын жеңилликке ийе болған абитуриентлердиң жеңиллик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳаққындағы мағлыўматларды;

-төмендеги ҳүжжетлерди:
● финанслық есабатлар нусқаларын;
● физикалық шахслардың ақырғы 12 айдағы ис хақын тастыйықлаўшы мағлыўматнамаларды;
● социаллық напақа ҳәм пенсиялар төленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматнамаларды.

Бунда, усы ҳүжжет ҳәм мағлыўматлар тийисли жуўапкер мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринен ғәрезсиз түрде «Электрон ҳүкимет» системасы ведомстволараралық интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алынады.