Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Жумыс бериўшилерге 25 жастан аспаған хызметкерлери ушын төленген  социаллық салық суммасы қаплап бериледи

Ҳүкимет қарары (460-сан, 24.07.2021-жыл) менен жумыс бериўшилерге олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасын Мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы ўақтыншалық реже тастыйықланды.
Режеге көре, жумыс бериўшилер тәрепинен төленген социаллық салық суммасын қаплап бериў ушын олардың жас хызметкерлери төмендеги талапларға сәйкес келиўи керек:

- социаллық салық суммасы қаплап берилиўи соралып атырған есабат айында жас хызметкер
25 жастан аспаған болыўы;
- үзликсиз 6 ай даўамында мийнет искерлигин әмелге асырған ҳәмде жумыс бериўши тәрепинен белгиленген тәртипте социаллық салық үзликсиз төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет (электрон дизимге алыў) бар болыўы.

Жумыс бериўши тәрепинен арза ол салық төлеўши сыпатында дизимде турған салық уйымына социаллық салық есабаты усынылғанлығынан кейин 3 айдан кешиктирместен усынылады.

- арза келип түскен сәнеден баслап 5 жумыс күни даўамында арзаның талапларына муўапық ямаса муўапық емеслиги үйрениледи.

- Төленген социаллық салық суммасын қаплап бериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенде, автоматластырылған бағдарламада 1 жумыс күнинде салық уйымының жуўмағы қәлиплестириледи.

Усы реже 2021-жыл 1-майдан 2023-жыл 15-январьға шекем төленген социаллық салық суммасын қаплап бериўге қарата қолланылады.

Бунда 2022-жыл декабрь айы ушын төленген социаллық салық суммасын қаплап бериў ушын жумыс бериўши тәрепинен арза бериўдиң ақырғы мүддети 2023-жыл 1-апрель күни етип белгиленеди.

Усы тәртип бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалары, устав фонды (капиталы)нда мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған юридикалық шахсларға қарата қолланылмайды.

Реже 2023-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.