Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Әдиллик бөлими араласыўы менен жумыстан босатыў ҳаққындағы буйрық бийкар етилип, пуқара жумысқа қайта тикленди, бос жүрген күнлери ушын ис ҳақы ҳәм руўхый зыян өндириў белгиленди


Әдиллик бөлими араласыўы менен жумыстан босатыў ҳаққындағы буйрық бийкар етилип, пуқара жумысқа қайта тикленди, бос жүрген күнлери ушын ис ҳақы ҳәм руўхый зыян өндириў белгиленди

Тахтакөпир районы әдиллик бөлимине пуқара Ы.Ю. мүрәжат етип  Тахтакөпир районы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминен (кейинги орынларда МШБШ деп жүргизиледи) жумыстан босатылғанлығынан наразы болып жазған мүрәжати үйренип шығылды.  

Анықланыўынша, пуқара Ы.Ю. 7-санлы МШБШниң 2018-жыл 15-октябрь күнги буйрығына тийкар тәрбияшы лаўазымына жумысқа қабыл етилген.
Бирақ пуқара Ы.Ю. Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бɵлими 1-бəнтине тийкар 2021-жыл 1-март күнги буйырығы менен жумыстан босатылған, лекин ол мийнет шәртнамасы бийкар етилгенлиги ҳаққындағы буйрығын усы жылдың 20-апрель күни алғанлығын билдирген.

Ы.Ю. жумыстан босатылыўына 9,10-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде бос хана жоқ екенлиги ҳәм балалар саны кемейиўи себеп болған болып, оған 2020-жыл 28-декабрь күни МШБШ тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2007-жыл 25-октябрь күнги “Мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы 225-санлы Қарарын тийкарлап 118-сан менен еки айдан соӊ мийнет шəртнамасы бийкар етилетуғынлығы ҳаққында ескертиў хаты берилген.

Лекин, бул Қарар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2017-жыл 19-июльдағы 528-санлы «Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниӊ искерлигин жетилистириў ҳаққында”ғы Қарарына тийкар өз күшин (31.07.2017-ж) жойытқан.  

Буннан тысқары, МШБШниң жəмəəтлик шəртнамасының III бабыныӊ 20-бəнтинде хызметкерлердиӊ мийнет шəртнамасын кәсиплик аўқамы комитетиниӊ алдыннан разылығын алмай турып жумыс бериўшиниӊ басламасы менен бийкар етиўге жол қойылмайды деп кɵрсетилген болыўына қарамастан, Ы.Ю. менен дүзилген мийнет шəртнамасы кəсиплик аўқамы комитети яки хызметкерлердиң басқа ўəкиллик уйымының разылығы алынбастан бийкар етилген.

Мийнет кодексиниң 101-статьясына муўапық, жəмəəтлик келисимде яки жəмəəтлик шəртнамада мийнет шəртнамасы жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў ушын кəсиплик аўқамы комитети яки хызметкерлердиң басқа ўəкилликли уйымының алдыннан разылығын алыў нəзерде тутылған болса, шəртнаманы бундай разылықты алмай турып бийкар етиўге жол қойылмайды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 37-статьясында ҳәр бир шахс мийнет етиў, жумысты еркин таңлап алыў, әдил мийнет жағдайларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Ɵзбекстан Республикасы Жоқарығы Суды Пленумының 1998-жыл 17-апрель күнги “Судлар тəрепинен мийнет шəртнамасы (контракти)н бийкар қылыўды тəртипке салыўшы нызамлардың қолланылыўы ҳаққында”ғы 12-сан Қарарының 21-бəнти, 4-хатбасында хызметкер менен мийнет шəртнамасы жумыс бериўшиниң басламасына кɵре кəсиплик аўқамы яки басқа ўəкиллик уйымының разылығысыз бийкар қылынғаны анықланса, суд мийнет шəртнамсы бийкар қылынғанлығы нызамсыз деп табады ҳəм хызметкердиң жумысқа тиклеў ҳаққындағы талабын қанаатландырады деп кɵрсетилген.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды Пленумының 2000-жыл 28-апрель күнги “Руўхый зыянды қаплаў ҳаққындағы нызамларды қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 7-санлы Қарарының 6-бәнтинде Кодекстиң
112-статьясына муўапық суд мийнет шәртнамасын нызамға қайшы рәўиште бийкар еткенлиги ямаса хызметкерди нызамға қайшы рәўиште басқа жумысқа өткергенлиги нəтийжесинде хызметкерге жеткерилген руўхый зыянларды қаплаў мәжбүриятын жумыс бериўшиге жүклеўи мүмкин деп көрсетилген.

Жоқарыдағыларға тийкар, әдиллик бөлими тәрепинен пуқараның мәпин гөзлеп Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судына Тахтакөпир районы 7-санлы МШБШниң 2021-жыл 1-март күнги 16-санлы буйырығын бийкар етиў, пуқара Ы.Ю.ды жумысқа қайта тиклеў ҳәм мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын компенсация пулы ҳәм руўхый зыян өндириў ҳаққында даўа арза киргизилди.

Даўа арза суд тәрепинен қанаатландырылып, И.Ю. жумысқа қайта тикленди ҳәмде мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын 3263084 сум ис ҳақы, 789456 сум руўхый зыян өндириў ҳаққында суд бийлиги шығарылды.

Буннан тысқары, анықланған нызамбузыўшылық жағдайы бойынша район Бәнтликке көмеклесиў орайына ҳәкимшилик усыныс киргизилип, усынысқа тийкар МШБШ директорына базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында жәрийма салынды.

Несип Қалимбетов,
Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими  баслығы