Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша қолланылған жаза шарасы бийкар етилди


Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша қолланылған жаза шарасы бийкар етилди

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен пуқара Б.Аның, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының инспекторы (кейинги орынларда ЖҲҚБ яки инспектор деп жүритиледи) тәрепинен пиядаға жол бермегенлиги бойынша иркилип, алдын жәрийма қолланғанлығы яки қолланылмағанлығына анықлық киргизиў ушын ғана деп планшетке бармағын бастырған ҳәм жәрийма жазасы қоллағанлығына наразылығын билдирген мүрәжаты үйренилип шығылды.
Анықланыўынша, пуқара Б.А. қарсысына инспектор А.Т. тәрепинен пиядалар өтиў жерлеринен жүриў жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы бойынша EV-21 сериялы 95-065571-санлы электрон баяннама рәсмийлестирилген ҳәм усы баяннама тийкарында 2021-жыл 24-март күни бөлим баслығы Р.С. тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң (кейинги орынларда Кодекс деп жүритиледи)
128-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлық ислегенлиги анықланып, 122.500 сум муғдарында жәрийма ҳәкимшилик жаза шарасын қоллаў ҳаққында қарар шығарылған.
Пуқара Б.А. қарсысына рәсмийлестирилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық иси менен танысып шыққанымызда, Кодекстиң 245, 303, 3031, 307 ҳәм 308-статьяларында нәзерде тутылған талаплары тийкарында, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти көрип шығыў ўақтында баяннама жүритилмегенлиги, исти объектив ҳәм қалыс шешиў мақсетинде ҳуқықбузар пуқара Б.А. қатнасында көрилип шығылыўы тәмийинленбегенлиги, көрип шығыў ўақты ҳәм орны туўралы оған хабар берилмегенлиги ҳәм ҳуқықбузарлық исленген яки исленбегенлиги анықланбағанлығы мәлим болды.
Қалаберсе, Өзбекстан Республикасы Олий суд Пленумының 2018-жыл
30-ноябрь күнги “Судлар тәрепинен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көриўди тәртипке салыўшы нызамларды қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 35-санлы қарарында, ҳуқықбузар ҳәкимшилик баяннамаға имза қойғанлығы, оның ҳуқықбузарлық фактынан бас тартпағанлығын аңлатпайтуғынлығы, ҳуқықбузар ҳуқықбузарлық фактынан бас тартқан жағдайда, судларға ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислери тийисли ҳәмде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып атырған шахс ҳуқықларының бузылыўы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарарын бийкарлаў ушын тийкар болатуғынлығы көрсетилген.
Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-санлы Қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге муўапық, электрон баяннама тийкарында салынған ҳәкимшилик жаза қоллаў ҳаққында қарарын бийкарлаў ҳаққында ЖҲҚБ усыныс киритилип, пуқара Б.А атына рәсмийлестирилген EV-21 сериялы 95-065571-санлы баяннама байкарланыўы тәмийинленди.

Абатов Амангелди Парахатович,
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бөлими бас мәсләҳәтшиси