Янгиликлар
26
Гендер теңликти тәмийинлеў тараўындағы реформалар
Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызларға болған итибардың артыўы, оларға көплеген имкәниятлар жаратылыўы, мәмлекет ҳәм жәмийетти басқарыўдағы қатнасыўын кеңейттириў,олардыӊ ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ, мәмлекетимиз раўажланыў жолында өзлериниң тажрийбеҳәм имкәниятларын көрсетиў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.
Мийнет нызамшылығында ҳаял-қызларға берилген жеңилликлер ҳәм кепилликлер ҳаққында айтатын болсақ, ҳәмледар ҳәм 3 жасқа толмаған балалары бар ҳаяллар менен дүзилген мийнет шәртнамасы жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў қадаған етиледи, кәрхананың сапластырырылған жағдайларда олардың мийнет шәртнамасы жумысқа жайластырыў шәрти менен бийкар қылынады.
Сондай-ақ, ҳәмледар ҳаяллар ҳәм 14 жасқа толмаған (16 жасқа толмаган нәгиран) балалары бар ҳаял хызметкерлерди олардың разылығыссыз түнги жумысларға, жумыс ўақтыннан тысқары ҳәм дем алыс ўақтындағы жумыслара шақырыўға, хызмет сапарына жибериўге жол қойылмайды.
Хаял-хызметкерлерге туўыўға шекем 70 күн. туўыўдан кейин 56 күн ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысы берилип напақа пуллары төленеди.
Буннан тысқары, 2 жасқа толмаған балалары бар хызметкер ҳаялларға перзентин аўқатландырыў ушын ҳәр 3 сааттан 30 минуттан кем болмаған қосымша тәнепислер бериледи, 2 жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық балалары болса бундай тәнепислер 1 саат қылып белгиленеди ҳәм хызметкерге толық жумыс мүддети менен белгиленген ис ҳақы төленеди.
Соның менен биргеӨзбекстан Республикасы “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Нызам етилди.
Нызамда басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар тийисли уйымларға ямаса судқа мүрәжат етиўи мүмкинлиги, бийпул ҳуқуқый мәсләҳәтлар алыўлары, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқада жәрдемлер алыўы мүмкинлиги көрсетилген.Жәбирлениўши ҳаял-қызлар материаллық ҳәм руҳый зыянды қаплаў мақсетинде арза менен судқа мрәжат еткенде олардың мәмлекетлик бажы төлеминен азат етиледи.
Басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар өзлери жасап атырған Ишки ислер уйымлары бөлимине мүрәжат етиўи лазым. Ишки ислер уйымлары тәрепинен басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға қорғаў ордерлери бериледи, яғный қорғаў ордери –басым ҳәм зорлық факты ямаса оларды ислениўи қәўипи анықланған ўақыттан баслап 24 саат ишинде 1 ай мүддетке бериледи. Егер бул ўақыт ишинде зорлық даўам етип атырған болса қорғаў ордериниң мүддети және бир айға узайтырылыўы мүмкин.
Бул тараўдағы нызамшылық және де беккемленип, 2020-жылдың
5-октябрь күни “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилип Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске басым өткерген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген ямаса оларды ислеўге бийим болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликта белгиленди.
Буннан тысқары, “Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқуқ ҳәмде имкәниятлар кепилликлери ҳаққында” ғы Нызам қабыл етилип, жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўында, ҳаял қызлар ҳәм еркеклердиң тең ҳуқуқлылығын кепиллеп, жәмийет өмириниң барлық тараўларында олардың орнын кеңейттириў, жыныс бойынша кемситиўге жол қоятуғын нормаларды анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде усы ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының гендер-ҳуқықый экспертизасы өткериледи.
Жуўмақлап атқанымызда, хаял-қызларымыздың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар олар потенциалы хәм имканиятларын жүзеге шығарыўға, натийжеде белсенди, искер, пидайы ҳаял-қызлар қатарының кеңейиүине хизмет қылмақда.
Нөкис районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси
А.Абдикадырова