Янгиликлар
12
Әдиллик министрлигинде ҳәр айдың екинши пийшембиси “Мәнәўият сааты” өткериледи
Әдиллик министрлигинде ҳәр айдың екинши пийшембиси “Мәнәўият сааты” өткериледи
“Мәнәўият сааты”н өткериўден тийкарғы мақсет хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин асырыў ҳәм нызамшылықтағы жаңалықлардан ўақтында хабардар етиўден ибарат.
2021-жыл 11-март күни өткерилген Ҳуқықый билимлер саатында Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими хызметкерлери тәрепинен нызамшылықтағы өзгерислер ҳаққында ҳуқықый түсиниклер берилди.
Атап айтқанда 2021-жыл 1-марттан нызамшылыққа киргизилетуғын өзгерислерди атап өтти. Соның менен бир қатарда:
1. “Техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди
Қарар менен техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыўдың баслы бағдарлары белгиленди, сондай-ақ бул тараўдағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыў бойынша Ведомстволараралық комиссия қурамы тастыйықланды.
Қарарға муўапық, Әдиллик министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Ведомстволар аралық комиссия жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Жойбар офиси шөлкемлестириледи.
Жойбар офиси комиссияның исши органы ўазыйпасын атқарады ҳәмде оның баслығы ҳәм басқарыў хызметкерлери Комиссия баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.
2. Автомобильге бензин қуйыў, газ толтырыў ҳәм газ қуйыў станцияларын қурыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи
Ҳүкимет қарары (111-сан, 01.03.2021-ж.) менен Автомобиль жолларын, жол сооружениелери,темир жол кесилиспелерин, автомобиль жоллары ҳәм көшелер бойында жайласқан АЖҚС, АГТКС ҳәм АГҚС (автомобилге бензин қуйыў, газ толтырыў ҳәм газ қуйыў) станцияларын қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў жойбарларын келисиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Регламентке көре, исбилерменлерге усы хызметлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы ямаса оның аймақлық басқармалары (ўәкилликли уйым) тәрепинен көрсетиледи.
Буның ушын сораўнама толтырылады.
Сол тийкарда ўәкилликли уйым 5 жумыс күнинде жойбарлардың тийисли талапларға сәйкес екенлигин үйренип шығады.
3. “Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–5010, 27.02.2021-ж.) қабыл етилди
Қарар менен медициналық көриктен өткерилиўи лазым болған шахслар топары ҳәм тәртиби жаңаланды.
Соған көре, медициналық көриктен өткериў ушын:
- район (қала) қорғаныў ислери бойынша бөлимлери (ҚИББ) жанында аймақлық комиссиялар;
- ҚИББ жанында ҳәмде теңлестирилген хызмет өтеў көзде тутылған министрликлер ҳәм кеңселерде – медициналық комиссиялар;
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала жыйналыс пунктлеринде әскерий-медициналық комиссиялар;
- Қорғаныў министрлиги, МҚХ, ИИМде әскерий-медициналық комиссиялар шөлкемлестириледи.
Төмендегилерди медициналық көриктен өткериўди әмелге асырыўшы комиссиялар қурамы Денсаўлықты сақлаў министрлиги аймақлық бирлеспелери (уйымлары) басшыларының усынысына тийкар қабыл етилген район (қала) ҳәкиминиң қарарлары менен тастыйықланады.
4.“Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийет турмысындағы белсене қатнасын тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-5020-сан, 05.03.2021-ж.) қабыл етилди.
Қарар менен Республика ҳаял-қызлар жәмийетшилик кеңеси (Республика кеңеси) шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Республика кеңеси, атап айтқанда аймақларда, әсиресе, аўылларда ҳаял-қызларға көрсетилетуғын медициналық-социал хызметлер сапасын, олар ортасында саламат турмыс тәризин тәмийинлеў бойынша жумыслар нәтийжелилигин асырады.
Қарарға көре, Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәмлекет мақсетли фонды Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли фонды (Фонд) ретинде қайта шөлкемлестирилди.
Республика кеңесиниң тийкарланған есап-китапларына муўапық Фондқа ҳәр жылы 300 миллиард сумға шекемги муғдарда Мәмлекетлик бюджети қаржылары ажыратылады.
Соның менен бирге, тийисли программаларды табыслы өзлестирген ҳаял-қызларға район (қала) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары усынысына көре, исбилерменлик искерлигин жолға қойыў ушын 3 жылға шекем мүддет ҳәм 6 айға шекем жеңилликли дәӯир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында БЕМның 150 есесине шекем (36 млн 750 мың сумға шекемги) муғдарда кредитлер бериледи.
2021-жылда “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Темир дәптер”ге киргизилген ҳаял-қызларға ипотека кредитлери бойынша басланғыш төлемди төлеп бериў және социаллық турақ-жайлар сатып алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала жергиликли бюджетлерине:
- турақ жай болмаған орынларда жасап атырған ҳаялларды турақ жай менен тәмийинлеўге - 10 миллиард сумнан ;
- әкесинен айырылған, жалғыз анасы қарамағында болған ер жеткен турақ жайға мүтәж ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеўге - 5 миллиард сумнан қаржы ажыратылады.
5.Әдиллик министрлиги нызамшылық ҳүжжетлериниң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша мониторинг жүргизеди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи (ПП–6184-сан, 09.03.2021-ж.)
Киргизилген қосымшаларға муўапық, Әдиллик министрлиги ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлериниң нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын тәмийинлеў бойынша искерлигин “Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда” атамасында жарытыў ҳәм додалаў жумысларын шөлкемлестиреди.
Буннан тысқары, министрлик нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша үйрениўлер алып барады ҳәм мониторинг жүргизеди.
Министрлик нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыў жағдайы бойынша өткерилген мәнзилли ҳәм тематикалық үйрениўлер нәтийжеси бойынша ҳәр шеректе Президент Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине усыныслар киргизеди.
Ендигиден былай Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри орынбасары ҳәм ўәлаятлар, Ташкент қаласы әдиллик басқармалары орынбасарлары бир ўақыттың өзинде юридикалық техникумлар директорлары есапланады.
Алдын Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри ҳәм аймақлық әдиллик басқармалары баслықлары директор еди.
Сондай-ақ, нотариуслар тәрепинен статистикалық мағлыўматларды усыныў формаларын тастыйықлаў ҳәм мүддетлерин белгилеў Нотариал палата менен келисилген ҳалда әмелге асырылады.
Алдын министрлик тәрепинен ғәрезсиз белгиленген.
6. Өзбекстан пуқаралығы мәселелерин көрип шығыў тастыйықланды
Президент Пәрманы (ПП–6185-сан, 10.03.2021-ж.) менен Өзбекстан Республикасы пуқаралығы мәселелерин көрип шығыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге тийкар, Өзбекстан пуқаралығы мәселелери бойынша илтимаснама ҳәм арзалар:
- Өзбекстан аймағында жасап турған шахс тәрепинен – турақлы жасаў орнындағы ишки ислер уйымына;
- Өзбекстаннан тысқарыда жасаўшы шахс тәрепинен – Өзбекстанның консуллық мәкемеси, сондай-ақ Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасының консуллық бөлимне тапсырылады.
Ата-анасы ямаса олардан биреўиниң пуқаралығы өзгергенде олардың илтимасына тийкар, 14 жастан 18 жасқа шекем болған баланың пуқаралығы тек ғана оның жазба разылығы менен өзгертилиўи мүмкин.
18 жасқа толған ҳәм қатнасық уқыплылығына ийе болған, Өзбекстанда турақлы жасаўшы шет ел пуқарасы ямаса пуқаралығы болмаған шахс Өзбекстан пуқаралығына улыўма тийкарда қабыллаў бойынша илтимаснама менен мүрәжат етиўи мүмкин.
Илтимаснама 3 жумыс күнинде үйренип шығылады.
Мағлыўматлар 3 жумыс күнинде “E-Fuqaro” ведомстволараралық мағлыўматлар базасына киргизилип, материаллар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ташкент қала ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер бас басқармалары, ўәлаят ишки ислер басқармаларына жибериледи.
“E-Fuqaro” ВМБда тексериўден өтип, жуўмақланған талапнамаға муўапық тексериў бети шығарылады.
Материаллар ҳәм тексериў бети тийкарында 1 айлық мүддетте жуўмақ таярланып, ишки ислер министри ямаса оның орынбасарларынан бири тәрепинен тастыйықланады ҳәмде улыўмаластырылған мәлимлеме-мағлыўматнама менен бирге көрип шығыў ушын Президент жанындағы Пуқаралық мәселелери бойынша комиссияға жибериледи.
Реже менен сондай-ақ, Өзбекстан пуқаралығына әпиўайыластырылған тәртипте қабыл етиў тәртиплери белгиленди.
7.“Базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлерин ажыратыў арқалы халықты турақ-жай менен тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-6186 -сан, 11.03.2021-ж.) қабылланды.
Пәрманға көре, базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ-жай менен тәмийинлеўдиң жаңа тәртиби шеңберинде көп квартиралы турақ-жайлар қурылады.
Пәрман менен 2021-жылда жаңа тәртип шеңберинде:
республика бойынша жәми 33 114 квартиралар ҳәм жеке тәртиптеги турақ-жайлар ;
аўыллық орынларда 8 336 квартирадан ибарат көп қабатлы арзан турақ-жайлар ;
пуқаралардың айырым тайпалары ушын 3 550 квартирадан ибарат көп қабатлы турақ-жайлар қурылады.
Соның менен бирге, 2021-жыл ушын турақ-жайлардың есапланған баҳасы, бир қарыз алыўшыға ажратылатуғын ипотека кредити ҳәм дәслепки төлемниң бир бөлеги ушын Мәмлекетлик бюджетинен ажратылатуғын субсидиялардың ең көп муғдары тастыйықланды.
Физикалық шахсларға жеке тәртиптеги турақ-жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын кредитлерди ажыратыў тәртиби барлық аймақларда енгизилди (алдын Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында енгизилген еди).
Бунда :
кредитлер Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта 500, жәми 6 500 жеке тәртиптеги турақ-жайларды қурыў (реконструкция қылыў ) ушын ажыратылады;
кредитлер ипотека кредитиниң ең көп муғдарларынан аспайтуғын ҳәм дәслепки төлеми жеке тәртиптеги турақ-жайды қурыў (реконструкция қылыў ) жумыслары баҳасының 15 процентинен кем болмаған муғдарда, 6 айлық жеңилликли дәўир менен 20 жыл (жигирмаланшы жылды да қосқан ҳалда ) мүддетке ажыратылады ;
табысы жоқары болмаған ҳәм турақ-жай шараятын жақсылаўға мүтәж пуқараларға жеке тәртиптеги турақ-жайларға ажыратылған ипотека кредитлери бойынша дәслепки 5 жыл даўамында процент ставкасының 10 процентлик пунктинен асқан бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылады.
8. “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи
“Жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (132-сан, 11.03.2021-ж.) қабылланды.
Қарар менен “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.
Режеге көре, “Жаслар дәптери” фонды қаржылары, атап айтқанда, төмендегилерге жөнелтириледи:
“Жаслар дәптери”не киргизилген материаллық жағдайы қыйын жасларға БЕМның 4 есесине шекем муғдарда бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиўге;
жасларды исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине жумсалатуғын қәрежетлердиң 75 пайызына шекемги бөлегин қаплаўға ;
“Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға исбилерменлик искерлиги ҳәмде өзин өзи бәнт етиў мақсетинде турақ жай болмаған орынның 12 айға шекем ижара қәрежетлерин көби менен бир жылда БЕМның 25 есесине шекем муғдарда қаплаўға;
“Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға исбилерменлик искерлигин баслаў ҳәм өзин өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМның 40 есесине шекем муғдарда субсидия ажыратыўға ;
мәмлекетимиздеги ЖООда оқып атырған “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың перзентлери төлемли-контракт суммасының 50 пайызына шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда төлеп бериўге;
“Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың жағдайы аўыр болған наўқас перзентлерине мәмлекетте ямаса сырт мәмлекетте емлениў менен байланыслы қәрежетлерди БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаўға.
Фонд қаржыларын қәлиплестириў, басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў мақсетинде мәпдар мәкемелер басшылары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат қурамда Қәўендерлик кеңеси дүзиледи.
Қәўендерлик кеңеси баслығы ҳәр шеректе Фонд дәраматлары ҳәм қәрежетлери орынланыўы ҳаққында халық депутатлары район (қала) Кеңесине есабат береди.
Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими Фондтыңисши органы есапланады.
Фондтың ағымдағы жылда пайдаланылмай қалған қаржылары кейинги жылға өтеди ҳәм район (қала) жергиликли бюджетине алып қойылмайды.