Янгиликлар
11
Әдиллик министрлигинде ҳәр айдың екинши пийшембиси “Мәнәўият сааты” өткериледи
Әдиллик министрлигинде ҳәр айдың екинши пийшембиси “Мәнәўият сааты” өткериледи
“Мәнәўият сааты”н өткериўден тийкарғы мақсет хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин асырыў ҳәм нызамшылықтағы жаңалықлардан ўақтында хабардар етиўден ибарат.
Өткерилген Ҳуқықый билимлер саатында Шөлкемлестириў-қадағалаў ҳәм таллаў ислери бөлими хызметкерлери тәрепинен февраль айында қабыл етилген норматив ҳүжжетлер ҳаққында ҳуқықый түсиниклер берилди.
1. «Аўыл хожалығы машынасазлығы тармағында саламат бәсеки орталығын жаратыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4969-сан, 01.02.2021-ж.) қабыл етилди.
Қарарға көре, аўыл хожалығы машинасазлық тармағында искерлик жүритиўши жергиликли аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўшылар:
➖ Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын аўысық бөлеклер ҳәм пүтинлеўши буйымларды импорт қылыўда белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (ҚҚС ҳәм бажыхана жыйымынан тысқары) азат етиледи;
➖ аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм оған сервис хызметин көрсетиў ушын пүтинлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материалларды импорт қылыўда товарлар еркин айланысқа (импортқа) шығарыўдың бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап ҚҚСын 270 күн кешиктирип төлеўи мүмкин.
Сондай-ақ, қарарға көре импорт қылынатуғын аўысық бөлеклер ҳәм пүтинлеўши буйымлар дизимлери ҳәм оларға дүзетиўлер жеңиллик берилген шөлкем тәрепинен қәлиплестириледи ҳәмде олар бойынша «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплекс экспертиза қылыў орайы» МУКның унамлы жуўмағы алынған жағдайда, импорт қылыўшы ҳәр қандай шөлкемлер дизиминде көрсетилген товарларды белгиленген тәртипте импорт қылыў ҳуқықына ийе болады.
2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы 6155-санлы Пәрманы менен 2021-жыл “Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеӯ жылы” мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды.
Мәмлекетлик бағдарлама 273 бәнттен ибарат болып, онда белгиленген илажларды әмелге асырыӯдың жәми қәрежетлери 29,5 трлн сум, 2,6млрд доллар ҳәм 57,5 млн евроны қурайды (бул муғдар 2020-жылда 18,2 трлн сум ҳәм 10,3 млрд АҚШ долларын қураған).
Пәрманға муӯапық (https://t.me/huqiqiymalimleme/4420), пандемияда исбилерменлерди қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде төмендегилер 2021-жыл 31-декабрьге шекем әмел етеди:
➖ туризм, транспорт ҳәм улыӯма аӯқатланыӯдағы исбилерменлердиң жер ҳәм мал-мүлк салығы бойынша 2021-жыл 1-январь ҳалатына қарыздарлығы төлениӯи;
➖ пандемия дәӯиринде Президент тәрепинен исбилерменлерге 2020-жыл 31-декабрь ҳалатына қалдықта турған мал-мүлк хәм жер салығы бойынша берилген пайызсыз кешиктириӯ суммасы;
➖ киши исбилерменлерде салық аудити өткерилиӯине мораторий.
Соның менен бир қатарда, 2021/2022-оқыӯ жылынан:
▫️ЖООна кириӯде жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Президент гранты енгизиледи;
▫️ЖООда 2 ҳәм оннан артық перзенти шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға тәлим кредити бериледи;
▫️мәмлекетлик грантлар 25 пайызға, мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант 2 есеге асырылады;
▫️жеке ЖООларына да мәмлекетлик грант бериледи;
Академиялық дем алыс бериӯде төмендеги тәртип орнатылады:
▫️билимлендириӯди сыртқы ҳәм аралықтан оқыӯ формасына өткерип академиялық дем алыс алыӯ;
▫️наӯқас шаңарақ ағзасын қарап атырғанларға академиялық дем алыс бериледи;
▫️академиялық дем алыс берилиӯи бойынша шеклеӯлер бийкар етиледи (әмелде оқыӯ даӯамында 2 мәрте, медицина тараӯы студентлери ушын 3 мәртеге шекем бериледи);
▫️академиялық дем алыстан қайтқан студентлерди бурын өзлестирген пәнлер бойынша қайта оқытыӯ әмелияты бийкар етиледи.
Илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериӯ 2021-жыл 1-сентябрьдан ЖОО илимий кеңеслерине басқышпа-басқыш өткериледи.
3. Базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлериниң жаңа тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (05.02.2021-ж.) менен Финанс министрлиги тәрепинен жайластырылатуғын қаржылар есабынан ипотека кредитлерин ажыратыӯ тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге тийкар, Финанс министрлиги тәрепинен банклерге ажыратылатуғын қаржылар ҳәм банклер тәрепинен қарыз алыӯшыларға берилетуғын ипотека кредитлери:
➖ 20 жылдан көп болмаған мүддетке базар (пайыз) ставкасында ажыратылады;
➖ олар ушын аннуитет төлемлер тәртиби енгизиледи ҳәм жеңилликли дәӯир белгиленбейди;
➖ пайыз ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы пәсейтирилген жағдайда, сәйкес түрде кемейеди, асырылған жағдайда өзгериссиз қалады.
Усы реже қағыйдалары:
➖ қала ҳәм аӯыллық орынларда қурылған бирлемши үй-жай базарында көп квартиралы үйлердеги квартираларды сатып алыӯда;
➖ Ташкент қаласы, Әндижан, Наманган ҳәм Фергана ӯәлаятларында тәжирийбе сыпатында 2020-жыл 1-майға шекем өмирлик ийелик етиӯ ҳуқықы тийкарында ажыратылған жер участкаларында жеке тәртиптеги үй-жайларды қурыӯ (қайта қурыӯ) ушын ипотека кредитлерин ажыратыӯда қолланылады.
Соған тийкар, банклер ҳәм қарыз алыӯшыларға қарата муӯапықлық тийкарлары ҳәм оларға қаржылар ажыратыӯ тәртиби белгиленди.
Пуқараларға ипотека кредити банклар тәрепинен:
● базар ставкасында;
● 20 жылдан көп болмаған мүддетке;
● басланғыш төлеми тәжирийбе өткерилип атырған ӯәлаятларда жеке тәртипте қурылып атырған үй-жай баҳасының 10 пайызынан кем болмаған муғдарда;
● сатып алынатуғын квартира баҳасының аӯыллық орынларда кеминде 10 пайызы, қалаларда кеминде 20 пайызы муғдарында;
● аӯыллық орынларда ҳәм қалаларда – 1 ҳәм 2 ханалы квартиралар ушын 240 млн сумға шекем, 3 ҳәм оннан көп ханалы квартиралар ушын 320 млн сумға шекем;
● Ташкент қаласында – 1 ҳәм 2 ханалы квартиралар ушын 264 млн сумға шекем, 3 ҳәм оннан көп ханалы квартиралар ушын 352 млн сумға шекем бериледи.
Усы тәртип жеке тәртиптеги үй-жай қурылысына руқсат алып, бирақ кейинала бирлемши базарда сатыӯ мақсетинде қурылған көп квартиралы үйлердеги квартираларды ипотека кредитлери арқалы сатыӯға енгизилмейди.
4. Сайлаӯлар октябрь айында өткериледи
“Сайлаӯ нызамшылығы жетилистирилиӯи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында”ғы Нызам (670-сан, 08.02.2021-ж.) қабыл етилди.
Өзгериске көре, Президентликке сайлаӯ, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ӯәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимияты ӯәкилликли уйымларына сайлаӯ тийислинше олардың конституциялық ӯәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткерилиӯи белгиленди (алдын декабрь айында еди).
Сондай-ақ, сайлаӯды өткериӯ бойынша сайлаӯ участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысына тийкар округ сайлаӯ комиссиялары тәрепинен, район, қала Кеңеслери депутатлары сайлаӯын өткериӯ бойынша сайлаӯ участкалары болса район, қала сайлаӯ комиссиялары тәрепинен дүзиледи (алдын сайлаӯ участкалары район ҳәм қалалар ҳәкимликлери усынысына тийкар округ сайлаӯ комиссиялары тәрепинен дүзилген).
Ендигиден былай, Халық депутатлары район, қала (буған халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңеси кирмейди) Кеңесине сайлаӯ өткериӯ бойынша округ сайлаӯ комиссиялары дүзилмейди.
▫️ Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
5. Нызам ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасы енгизиледи.
«Нызам ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейттириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға көре, «Ijro.gov.uz» системасы арқалы нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасы енгизиледи.
Оған көре, Әдиллик министрлиги:
➖ нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар өз ўақытында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўын алып барады ҳәм «Ijro.gov.uz» системасын жүритеди;
➖ системада қадағалаўға алынатуғын тапсырмаларды киритеди, усы тапсырмалардан келип шыққан ҳалда жуўапкер орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлерин белгилейди, олар тәрепинен киргизилген мағлыўматлар толықлығы ҳәм ҳақыйқыйлығын тексереди, сондай-ақ нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген орынлаў мүддетлерин узайттырыў ҳаққындағы усыныслар тийкарланғанлығын үйренеди;
➖ нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынлаў ҳалаты ҳаққындағы мағлыўматты ҳәр айда Президент Администрациясы ҳәм Ҳүкиметке киргизип барады.
Системаға зәрүр мағлыўматларды өз ўақытында киргизбеў ямаса надурыс мағлыўматларды киргизиў, бул бойынша Әдиллик министрлиги көрсетпелерин өз ўақытында ямаса лазым дәрежеде орынламаў интизамый, ҳәкимшилик ҳәм басқа жуўапкершилик шараларын қоллаў ушын тийкар болады.
Пәрманға көре:
Министрлер Кабинети нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен өз ўақытында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўды алып барады;
Есап палатасы системасында жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен тексерилген мағлыўматлар толықлығы ҳәм ҳақыйқыйлығын тексереди ҳәмде оларды қадағалаўдан алады;
Президент Администрациясы нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын қадағалаўшы шөлкемлер искерлигин муўапықластырады.
6. Лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигине байланыслы әҳмийетли жойбар жәмийетшилик додалаўына қойылды
Өзбекстан Республикасының “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы жаңа Нызам жойбары ислеп шығылды.
Нызам ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады ҳәмде ҳәкимшилик уйымлар менен қатнасықларда нызам үстинлигин, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам жойбары 6 бап ҳәм 111 статьядан ибарат болып, төмендеги тийкарғы жаңалықларды өз ишине алмақта. Атап айтқанда:
“Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы Нызамды қоллаў шеңбери ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў көз қарасынан ең машқалалы тараўларды туўрыдан-туўры көрсетиў арқалы толықтырылды;
Ҳәкимшилик уйым, ҳәкимшилик ҳүжжет, ҳәкимшилик ықтыярлылық түсиниклерине анықрақ түсиниклер берилди. Ҳуқықты қоллаў әмелиятында қәлиплескен тосықларды сапластырыў бойынша “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы Нызамның реформашы – ҳуқық жаратыўшылығының ролин күшейтириўши жаңа принциплер усыныс етилди;
Нызамлылық принципи нызамда ҳәкимшилик-ҳуқықый искерликтиң тийкарлылығын ҳәм нызамлардың туўрыдан-туўры әмелге асырылыўын тәмийинлеўши әҳмийетли элементлер менен байытылды. Сәйкеслилик принципи дүньяда улыўма қабыл етилген герман ҳуқықы стандартларына муўапық сәўлеленди;
Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың тийкарғы институтлары, атап айтқанда тийисли тәризде хабардар етиў, мәпдар шахсларды тыңлаў, ҳәкимшилик ҳүжжет, ҳәкимшилик шағым етиў ҳәм ҳәкимшилик ҳүжжетти орынлаў сыяқлылар жетилистирилди ҳәм басқада толықтырыўлар киргизилди.
Жойбар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен қатнасыққа кирисиўинде анық тәртип-қағыйдаларды белгилеўге, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң ҳуқыққа қайшы ҳәрекетлеринен қорғаўға, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың бирден-бир ҳәм ашық механизми жаратылыўына, усы процесслерде коррупциялық жағдайлардың пайда болыўының алдын алыўга алып келеди.
Жәмийетшилик додалаўы нәтийжесинде келип түскен усыныслар тийкарында Нызам жойбары жәнеде жетилистириледи.