Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

31

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар


“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамға (679-санлы Нызам, 30.03.2021-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

  Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодексине қосымшалар киргизилди.

  Оған көре, Өзбекстанның нызамшылық ҳүжжетлери талапларын жәмийетлик тәртип ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке қәўип салатуғын тәризде орынламаўға ямаса бузыўға, соның ишинде ҒХҚ, телекоммуникация тармақлары, Интернеттен, соның менен бирге текстти көбейтириўдиң баспа ямаса басқа усылларынан пайдаланған ҳалда көпшилик алдында шақырық қылыў БЕМның
60 есесинен 80 есесине шекем (14 млн 700 мың сумнан 19 млн 600 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Жынаят кодексине киргизилген қосымшаға көре, Өзбекстан Президентин телекоммуникация тармақлары ямаса Интернет пүткил жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланған ҳалда ақыретлеў ямаса оған жала жабыў 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 2 жылдан 5 жылға шекем еркинликти шеклеў ямаса 5 жылға шекем еркинликтен айырыў жазасы менен жазаланады.

(Алдын Президентти көпшилик алдында ақыретлеў ямаса оған жала жабыў, соның менен бирге, усы жынаятты баспасөз ямаса басқа ҒХҚнан пайдаланған ҳалда ислеў ушын жуўапкершилик бар еди.)

  Кодекске ғалабалық тәртипсизликлерге ҳәм пуқараларға қарата зорлық қылыўға көпшилик алдында шақырық қылыў ушын жуўапкершилик киргизилди.

  Оған көре, усы қылмысты ислеген шахслар БЕМның 100 есесинен 300 есесине шекем жәрийма ямаса 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинликти шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинликтен айырыў жазасы менен жазаланады.

  Сол ҳәрекетлер бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип ямаса ҒХҚ, телекоммуникация тармақлары, Интернеттен, соның менен бирге текстти көбейтириўдиң баспа ямаса басқа усылларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылған болса, БЕМның 300 есесинен 400 есесине шекем жәрийма ямаса
2 жылдан 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 5 жылдан 10 жылға шекем еркинликтен айырыў жазасы менен менен жазаланады.

▫️Бул Нызам рәсмий жәрияланған  күннен баслап күшке киреди.