Янгиликлар
30
Қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға жеткериў әдиллик органларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири

Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатып барыў нызам үстинлигин тәмийнлеўдиң ең зәрүр шәртлеринен бири есапланады.
Соңғы жылларда жәмийетте инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине ҳүрмет мүнәсебетин қәлиплестириў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў ҳәмде пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы дәрежесин асырыўға қаратылған бир қатар нызам-ҳүжжетлери қабыл етилди.
Қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң нәтийжелилиги ең алды менен олардың мәниси ҳәм әҳмийетин орынлаўшыларға, сондай-ақ, халықтың кең қатламына ҳәмде исбилерменлик субъектлерине ѳз ўақтында жеткериўди тәмийнлеўге байланыслы.
Усы мақсетте, 2017-жыл 8-февраль күни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң “Нызам ҳүжжетлерин тарқатыў системасын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-2761-санлы қарары қабыл етилди.
Қарар менен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тарқатыўдың бирден-бир тәртибин орнатыў, бул тараўда принципиал жаңаша жантасыўды белгилеў, жаңа қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шѳлкемлестириў, олардың мазмун-мәнисин мәмлекетлик органлар ҳәм басқа шѳлкемлерге туўрыдан-туўры орынлаў ҳәмде әмелиятта пайдаланыў ушын рәсмий тарқатпа арқалы жибериўдиң бирден-бир тәртиби ҳәм мүдддетлери белгиленди. Бунда әдиллик министрлиги Министрлер Кабинети тәрепинен усынылатуғын дизимдеги мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шѳлкемлерге норматив ҳуқықый ҳүжжетлерди жеткерип бериўшы тийкарғы орган сипатында белгиленди.
Сондай-ақ, 2017-жыл 7-сентябрь күни Ѳзбекстан Республикасының “Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийнлеў ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилип, Нызам менен Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқықый мәмлимлемени тарқатыў тараўында арнаўлы ўәкилликли орган сыпатында белгиленип, оған мәмлекетлик органлардың ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў бойынша искерлигин муўапықластырыў, методикалық басшылық етиў ўазыйпасы жүклетилди.
Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм әдиллик органлары тәрепинен ҳуқықый пропаганданы әмелге асырыў, орынлаўшыларға қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди жеткериў, баспаға шығарыў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый саўатлылығын асырыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң текстлери “Ѳзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы” - lex.uz сайтында жайластырылып барылмақта. Бул сайттан бир күнде 45 мыңға жақын адам пайдаланып келмекте.
Сондай-ақ, бүгинги күнде ахборот тарқатыўдың ең қолай усыллары арасында социаллық тармақлардың да әҳмийети артып бармақта. Сол себепли, бүгин әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” телеграм-каналы мәмлекеттеги дәслепки, исенимли ҳуқықый дереклердиң бири болып қалмақта, ҳәзирги күнде каналды 200 мыңнан аслам пайдаланыўшы гүзетип бармақта. Каналдың ѳзбек, қарақалпақ, рус ҳәм инглиз тиллериндеги версиялары да ислеп турыпты. Сондай-ақ, hudud24.uz, bolahuquqlari.uz, huquqiyportal.uz, test.adliya.uz сыяқалы сайтларда ҳәмде әдиллик органлары хызметкерлери тәрепинен мәкеме, шѳлкемлер, мәҳәллелер, ҳәттеки үйме-үй жүрип жаңадан қабыл етилген норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин орынлаўшыларға ҳәм пуқараларға жеткериў бойынша нәтийжели жумыслар алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатнамасындада Әдиллик министрлигиниң тийкарғы ўазыйпасы қабыл етилген ҳүжжетлерди жуўапкер шахсларға жеткериў, түминдириў, әмелиятта ўоллаўға кѳмеклесиў ҳәм қадағалаў екенлигин айрықша атап ѳтти. Нызам ҳәм қарарларды тек ғана мәмлекетлик мәкемелер хызметкерлери емес, пуқаралар да билиўи, аңлаўы ҳәм оларды ѳз ѳмиринде қолланыўы зәрүр. Себеби бул ҳуқықый демократиялық мәмлекттиң тийкарғы талабы.
Қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға жеткериў әдиллик органларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири.

А.Ернашов, Мойнақ районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси.