Янгиликлар
26
Нызамшылықтағы жаңалықлар
“Кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, “Сақаўат” ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери системасын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-6195-сан, 25.03.2021-ж.) қабылланды.
Пәрман менен, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди.
Агентлик кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа тайпаларына медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў саласында ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады ҳәм де өз искерлигинде Министрлер Кабинетине бойсынады.
Агентлик директоры және оның орынбасарлары Президент пенен келисилген ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.
Пәрман менен төмендегилер Агентлик системасына өткерилди:
- «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери;
- Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы ;
- майыплығы болған шахслар ушын аймақлық реабилитация орайлары ;
- урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторий ҳәм пансионатлар;
- Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери;
- Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша Республикалық реабилитация орайы ;
- Ден саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры ;
- Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў қоры.
Пәрман менен, Мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлерди жетилистириў бойынша ҳәмде Медициналық-социаллық мәкемеелрдиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «Жол карта»лары тастыйықланды.
Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-апрельден:
«Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионаттың:
- басшы ҳәм шыпакерлердиң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,5 есеге;
- орта ҳәм киши медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 2 есеге;
- басқа барлық хызметкерлердиң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,2 есеге;
- Агентликтиң орайлық аппараты хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,5 есеге, оның аймақлық басқармалары ҳәм район (қала) бөлимлери және Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясының орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық комиссиялары хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,2 есеге;
- «Сақаўат» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатта жасайтуғын жалғыз пенсионерлерге жеке қәрежетлери ушын кеминде төленетуғын айлық пенсия муғдары 10 проценттен 20 процентке шекем асырылады.
Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республика пенсионатында заманагөй физотерапия бөлими шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге, 2021-2024-жылларда район (қала) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлеринде ислейтуғын социаллық хызметкерлердиң жоқары мағлыўмат алыўы ушын республика ЖОО ларында мақсетли квоталар ажратылады.
2021-жыл май айынан «Сақаўат» интернат үйлери ҳәмде Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республика пенсионатындағы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды ҳәр жылы бир рет санаторияларда бийпул саўаландырыў шөлкемлестириледи.
2021-жыл 1-апрельден «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде 1 данадан китапханашы штат бирлиги енгизиледи.