Янгиликлар
25
Мийнет мүнәсибетлери менен байланыслы пуқаралық ислердиң судта көрилиўи тәртиби
Мийнет мүнәсибетлери менен байланыслы пуқаралық ислердиң судта көрилиўи тәртиби
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 1-статьясына көре, Өзбекстан Республикасында мийнетке байланыслы мүнәсибетлер мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, жәмәәтлик келисимлер, сондай-ақ жәмәәтлик шәртнамалар ҳәм басқа локал норматив ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.
Мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мийнет Кодекси, Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм Олий Мәжилис қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, Қарақалпақстан Республикасы нызамлары ҳәм Жоқарғы Кеңес қарарлары, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарлары, мәмлекетлик ҳәкимияттың басқа ўәкиллик ҳәм атқарыў органлары өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл қылатуғын қарарлардан ибарат.
Мүлкшиликтиң барлық формаларындағы кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлерде, сондай-ақ айырым пуқаралар ықтыярында мийнет шәртнамасы (контракт) бойынша ислеп атырған физикалық шахслардың мийнетке тийисли мүнәсибетлери мийнет ҳаққындағы нызамлар ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер менен тәртипке салынады деп белгиленген.
Ал, мийнет мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўлар бойынша пуқаралық ислерин судларда көрип шығылыўы тәртиби Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодекси менен тәртиплестирилген.
Усы Кодекстиң 26-статьясы 1-бөлими 1-бәнтине көре, мийнет мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўлар бойынша ислер пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли екенлиги белгиленген болса, 42-статьясы 3-бөлимине көре, мийнет пенен байланыслы ҳуқықый мүнәсибетлерден ҳәм алынған ис ҳақыны яки басқа дәраматты бийлик етиў менен байланыслы питимлерден келип шығатуғын ислер бойынша ер жетпегенлер судта өз ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин жеке өзлери қорғаў ҳуқықына ийе.
Кодекстиң 182-статьясына көре, мийнет мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўлар бойынша ислер суд тәрепинен даўа ислерин жүритиў тәртибинде көриледи.
Судлар жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўлар бойынша ислерди көриўде Кодекстиң 184-статьясы талабына муўапық, мийнет шәртнамасын бийкар қылыўға яки басқа жумысқа өткериўге буйрық берген лаўазымлы шахсты үшинши шахс сыпатында жуўапкер тәрепинде иске қатнастырыў шәртлиги, ал егерде, суд мийнет шәртнамасы бийкарланыўы яки басқа жумысқа өткериў ашықтан-ашық нызамды бузған ҳалда әмелге асырылғанлығын анықласа, айыплы лаўазымлы шахсқа хызмкеткерге төленген қәрежетлер себепли мәкемеге келтирилген зыянның орнын қаплаў мәжбүриятын жүклейди.
Кодекстиң 202-статьясы талабына көре, пуқаралық ислерди суд додалаўына таярлаў ушын белгиленген 10 күнлик мүддети басқа ислерден парықлы рәўиште созыў мүмкин емес.
Кодекстиң 207-статьясы 2-бөлимине көре, басқа ислерди судта көрип шығыў ушын белгиленен бир айлық мүддеттен парықлы түрде, мийнетке тийисли ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын талаплар бойынша ислер суд додалаўына таярлап болынған күннен баслап жигирма күннен кешиктирместен биринши инстанция суды тәрепинен көрилиўи керек.
Кодекстиң 266-статьясына көре, судтың хызметкерге үш айлық ис ҳақыдан артық болмаған ис ҳақыны өндирип бериў ҳаққындағы, мийнет шәртнамасы нызамсыз рәўиште бийкар етилген хызметкерди яки нызамсыз рәўиште басқа жумысқа өткизилген хызметкерди алдыңғы жумысына тиклеў ҳаққындағы, сондай-ақ мийнет шәртнамасын бийкар етиў тийкарларының мазмунын өзгертиў ҳаққындағы ислер бойынша шығарылған бийликлери дәрҳал орынлаўға қаратылыўы керек.
Кодекстиң 405-статьясы 4-бөлимине тийкар, хызмектер менен дүзилген мийнет шәртнамасы нызамсыз рәўиште бийкар етилгенде яки хызметкер бир жумыстан басқа жумысқа нызамсыз рәўиште өткерилгенинде оны бурынғы жумысына тиклеў ҳаққындағы суд шығарған бийлик үстинен кассация шағымы (протести) бул қарардың орынланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет қосымша етилген жағдайда ғана қабыл етиледи.
Кодекстиң 449-статьясында белгиленген талапқа көре, хызмектер менен мийнет шәртнамасын нызамсыз рәўиште бийкар етиў ямаса хызметкерди нызамсыз рәўиште басқа жумысқа өткизиўде яки судтың жумысқа тиклеў ҳаққындағы бийлигин орынламағанлықта айыпкер болған лаўазымлы шахслардан пул суммаларын өндириў жағдайларында суд өз басламасы менен орынлаў хатын орынлаў ушын жибереди.
Сондай-ақ, мийнетке байланыслы ислер бойынша суд қарарының орынлаў басқышына тән болған және бир өзгешелик бул, Кодекстиң 461-статьясы талабы болып, оған көре, мийнетке байланыслы ҳуқықый мүнәсебетлерден келип шығатуғын талаплар бойынша пул суммаларын өндириў ҳаққындағы ислер бойынша суд ҳүжжетлери бийкар етилген тәғдирде, егер бийкар етилген суд ҳүжжети талапкер берген қәлбеки мағлыўматларға ямаса ол усынған қәлбеки ҳүжжетлерге тийкарланған болса ғана, суд ҳүжжетиниң қайтарма орынланыўына жол қойылыўыдур.
Мийнет қатнасықларынан келип шығатуғын даўалар бойынша пуқаралық ислериниң судта көрилиўи мәселелери ӨзР Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасы (контракти)ын бийкар етиўди тәртипке салыўшы нызамлардың қолланылыўы ҳаққында»ғы 1998-жыл 17-апрельдеги 12-санлы қарары менен де тәртиплестирилген.
Пуқараларымыздың мийнет етиўге болған конституциялық ҳуқық ҳәм мәплериниң жетерли дәрежеде қорғалыўы суд органларының баслы ўазыйпасы болып қалабереди.
Еркин Жаббарович Утениязов,
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы