Янгиликлар
06
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер искерлигиниң ашықлық индекси енгизиледи
“2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-6181-сан, 04.03.2021-ж.) қабылланды.
Пәрман менен белгиленген жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.
Мақсетли көрсеткишлер, атап айтқанда, төмендегилерди нәзерде тутады:
●мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын мәмлекет тәрепинен субсидиялар, грантлар және социаллық буйыртпалар формаларында қоллап-қуўатлаў көлемин 2021-жылда кеминде 1,2 есеге, 2025-жылда 1,8 есеге асырыў;
●Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала Кеңеслери жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондларына 2021-жылда
16 миллиард сум, 2025-жылда 70 миллиард сум қаржылар ажыратыў ;
●елимизде жәрияланатуғын жылға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада қатнасып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң санын 2021-жылы 30 ға, 2025-жылдағы мәмлекетлик бағдарламада – 50 ге жеткериў;
●әмелдеги процесслерди әпиўайыластырыў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиў арқалы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен исленип атырған ҳуқықбузарлықларды (жәми 2020-жылы исленген ҳуқықбузарлықлар санына салыстырғанда) 2021-жылы 3,8 процентке, 2025-жылы 19,2 процентке азайтыў;
●2021-жылы 50, 2025-жылы 250 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшыларын Мәмлекетлик басқарыў академиясында қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў..
2021-жыл 1-апрельден баслап:
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индекси енгизиледи ҳәм оған бола ҳәр жылдың жуўмақлары бойынша мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, социаллық шериклик дәрежеси, ажыратылған субсидия, грант ҳәм социаллық буйыртпалардың нәтийжелилиги ҳәм басқа да әҳмийетли жумыс көрсеткишлерине тийкарланып олардың рейтинги дүзиледи;
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индекси Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата (кейинги орынларда – Жәмийетлик палата), Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестириледи ҳәм индекс нәтийжелери олардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланады;
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индексин ислеп шығыў ҳәм толық әмелиятқа енгизиў әдиллик уйымларына жүкленеди.
Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм оның комитетлери (комиссиялар) мәжилислеринде қатнасыўшы турақлы ўәкили институты енгизиледи.
Турақлы ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары етип нызам жойбарлары төменги палатаның ўәкилликлерине киретуғын мәселелер бойынша додалаўлар ҳәм мәжилислерде социаллық шериклик, тәсиршең жәмийетлик қадағалаў механизмлерин енгизиў ҳәм оларды әмелиятта дурыс қолланыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў белгиленди.
Турақлы ўәкил пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына үлес қосқан, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда белсендилик көрсеткен, халықтың ҳүрмет-иззетине миясар болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хызметкерлери арасында Жәмийетлик палата тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етиледи.
Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-майдан «Шаффоф хайрия» («Ашық-айдын қайырқомлық») бирден-бир интерактив порталы иске түсириледи.