Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Нызамшылықтағы жаңалықлар


“Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда жәнеде қолайлы шараятлар жаратыў, бул бағдарда бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

  Пәрман менен 2021-жыл 1-июньнан мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм артықша тәртип-қағыйдаларды кысқартыў бойынша төмендеги жеңилликлер жаратылмақта:

➖ 7 түрдеги пуқаралық ҳалаты актлерин (туўылыў, неке дүзилгенлиги, некеден ажырасыў, өлим, ат ҳәм фамилияны өзгертиў, әкеликти белгилеў ҳәмде перзентликке алыўды ) дизимге алыў;

➖ некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў;

➖ шет елге шығыў биометрикалық паспортты рәсмийлестириў экстерриториал принцип тийкарында әмелге асырылады.

❕Нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда ПҲАЖ бенен байланыслы барлық мағлыўматлар пуқаралардан талап етилместен электрон система арқалы алынады.

Исбилерменлик субъекти болған юридикалық шахслардың ўәкилине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын жыйым ҳәм мәмлекетлик бажыны нақ пул формасында төлеўге руқсат берилди.

  Соның менен бирге, шет ел коммерциялық шөлкемлериниң Өзбекстандағы ўәкилханасы хызметкерин аккредитация қылыўда АИЖС кеселлиги жоқ екенлиги ҳаққындағы сертификатты талап етиў әмелияты бийкар етилди.

  QR-код (матрик штрихлы код ) арқалы берилген ҳүжжетлер бойынша олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етилди. Ендигиден былай бул ҳүжжетлердиң дубликатын БИМХП арқалы бийпул алыў мүмкин.

  450 ден артық нызам ҳүжжетинде белгиленген 18 түрдеги мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди халық ҳәмде исбилерменлерден талап етилиўи бийкар етилди, бул ҳүжжетлер ўәкилликли мәмлекетлик уйымы тәрепинен “Электрон ҳүкимет” платформасы арқалы алынады.

18 түрдеги мағлыўматларды ҳәм ҳүжжетлерди ведомстволараралық интеграцияласыў платформасынан пайдаланған ҳалда “Электрон ҳүкимет” системасы арқалы бериў жолға қойылады. Нәтийжеде халықтың бир уйым менен екинши бир уйым ортасында әўере болып жүриўиниң алды алынады.