Янгиликлар
24
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Әскерий хызметкерге тийисли төлемлерди төлеў жағдайлары ҳәм мүддетлери белгиленди
Президент қарары (ПҚ-5035-сан, 23.03.2021-ж.) менен Өзбекстан пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизилди.
Оған көре, контракт бойынша әскерий хызметкерди командирдиң (баслықтың) ықтыярына өткериў ҳәмде тийисли төлемлерди төлеў жағдайлары ҳәм мүддетлери белгиленди.
Атап айтқанда, әскерий хызметкерге шөлкемлестириў-штат илажлары өткерилиўи ямаса басқа лаўазымға тайынланғанлығы мүнәсибети менен лаўазымнан босатылғанда – 2 айдан көп болмаған мүддетте төмендеги төлемлер әмелге асырылады:
● әскерий атақ айлығы, ақырғы ийелеп турған тийкарғы лаўазымы бойынша лаўазым айлығы, хызмет жыллары ушын үстеме;
● арнаўлы материаллық хошаметлеў фонды есабынан үстеме (15 процентке шекем);
● бир жола төленетуғын пул тәмийнаты, нызамшылықта белгиленген тәртипте азық-аўқат паёгы ушын компенсация пулы ҳәм турақ жайды ижараға алғанлығы (ижарада турғанлығы) ушын пул компенсациясы.
Сондай-ақ, әскерий хызметкер 6 айдан көбирек мүддетке таярлық, қайта таярлық ҳәм маманлығын асырыў курсларына, соның ишинде Өзбекстан аймағынан сыртқа оқыўға жиберилгенде усы төлемлер оқыўдың пүткил мүддети даўамында сақланып қалынады.