Янгиликлар
23
Билесизбе
#Билесиз бе?
Айырым шахслар мал-мүлк салығын төлеўден азат етилген
Төмендегилердиң мүлкинде болған мал-мүлк салық салыўдан азат етиледи:
▪️ «Өзбекстан Қаҳарманы», Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атағына ийе болған, үш дәрежедеги Шуҳрат ордени менен сыйлықланған пуқаралардың;
▪️ урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ шеңбери нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын оларға теңлестирилген шахслар;
▪️ бурынғы СССРди, Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин қорғаў ямаса әскерий хызметтиң ямаса ишки ислер уйымларындағы хызметтиң басқа мәжбүриятларын атқарыў ўақтында жарақатланғаны, контузия болғанлығы ямаса майып болғанлығы ақыбетинде ямаса фронтта болыў менен байланыслы кеселлик себепли қайтыс болған әскерий хызметшилердиң ҳәмде ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм жесир ҳаяллары (күйеўи);
▪️ энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турақ жайларда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахслар қайта тикленетуғын энергия дереклери орнатылған айдан баслап үш жыл мүддетке.
Төмендеги физикалық шахслардың мүлкинде болған мал-мүлк 60 квадрат метр шеңберинде салық салыўдан азат етиледи:
➖ он ҳәм оннан артық балалары бар ата-аналарынан бириниң;
➖пенсионерлердиң;
➖I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың.