Янгиликлар
23
Жол қағыйдасы-өмир пайдасы
Жол-транспорт ҳәдийселери менен байланыслы болған жынаятлардың бәршеси Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясында нәзерде тутылған. Жынаят кодексиниң усы статьясы транспорт қураллары ҳәрекети ямаса транспорт қуралларынан пайдаланыў қәўипсизилиги қағыйдаларын бузыў деп аталады. Бунда транспорт қуралларын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткериўге себеп болса, базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийет ислери яки үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлимине басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, он жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Сонлықтан, «Жол қағыйдасы-ѳмир пайдасы»-деп бийкарға айтылмаған.
Себеби, бизиӊ ҳәр күнимиз автотранспорт қураллары менен тығыз байланыслы. Жол бойына шықсақ, автомобилсиз кѳшени кѳз алдымызға келтире алмаймыз.Тилекке қарсы, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеў, унамсыз ўақыяларды келтирип шығарыўы тәбийий.
Мине усындай жынаятлардын алдын алыў мақсетинде спиртли ишимлик ишкен ҳалда транспорт қуралын басқарыў, насаз ҳалаттағы транспорт қуралын басқарыў, тийисли ҳүжжетсиз басқарыў ҳәм басқада көплеген себеплерге биргеликте қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның баслы ўазыйпасы.
Жолға шыққанда автотранспорт айдаўшыларыда, пиядаларда сергек болса жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алған боламыз.
Қоңырат районы Әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси
Марат Сметуллаев.