Янгиликлар
15
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Мәмлекетлик шөлкемлер хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлылық дәрежеси баҳаланады
Ҳүкимет қарары (134-сан, 13.03.2021-ж.) менен Мәмлекетлик шөлкемлери хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлылық дәрежесин асырыў ҳәм баҳалаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре, мәмлекетлик шөлкемлери хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлық дәрежеси белгиленген минимал талаплар тийкарында баҳаланады.
Бунда хызметкерлер Мәмлекетлик хызметиниң бирден бир электрон-мәлимлеме анализ системасындағы «Мәмлекетлик хызметшилерин сынақтан өткериў модули» - арнаўлы тест системасында онлайн тест сынағынан өткериледи.
Баҳалаў ҳәр 3 жылда бир мәрте Әдиллик министрлиги тәрепинен тийисли мәмлекетлик шөлкем менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын реже-график тийкарында шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик шөлкемлерине биринши рет жумысқа қабыл етилип атырған ис стажына ийе болмаған шахслар жумысқа қабыл етилген күннен баслап 12 ай өткеннен кейин тийисли тәртипте баҳалаўдан өткериледи.
Ҳәр бир хызметкер тәрепинен 40 тест сораўы орынланып, баҳалаўдан табыслы өткен мәмлекетлик шөлкемлер хызметкерлериниң жеке кабинетине электрон тәризде QR код арқалы тастыйықланған мағлыўмат баҳалаў нәтийжелери шығыўы менен дәрҳал жибериледи.
Жоқары нәтийжени алған мәмлекетлик шөлкемлериниң унамлы тәжирийбелерин басқа мәмлекетлик шөлкемлери искерлигине енгизиў илажлары көриледи.
Әдиллик министрлиги тәрепинен баҳалаў нәтийжелери бойынша Министрлер Кабинети ҳәмде Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигине баҳалаў өткерилген жылдың жуўмақлары бойынша аналитикалық мағлыўмат киргизилип барылады.