Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдан өткериў системасы жетилистириледи

“Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–5025-сан, 15.03.2021-ж.) қабыл етилди

Қарарға тийкар, тәртипке салыў тәсирин баҳалаў (ТСТБ)дан өткериў системасы жетилистириледи. Бунда:

➖норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жәмийетшилик додалаўынан өткериўде келип түскен усыныс ҳәм пикирлер улыўмаластырылып, ТСТБ бойынша есабатқа киргизиледи ҳәмде мәжбүрий тәртипте норматив-ҳуқықый ҳүжжетти қабыл етиўши уйымға усынылады ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлар додалаўы порталында жәрияланады;

➖жәмийетшилик додалаўынан өтпеген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары қабыл етиўши уйымлар тәрепинен мәжбүрий тәртипте ислеп шығарыўшыларға қайтарылады.

2022-жыл 1-январьдан исбилерменлик искерлигине, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине, сондай-ақ қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши барлық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ҳәм қабыл етилген норматив-ҳуқықый ТСТБдан өткериледи.  

Қарар менен Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ҳәм қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Усыған тийкар, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының мониторинги (ҳуқықый мониторинг) норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ТСТБдан өткериў менен бирге әмелге асырылады ҳәм оның нәтийжелери ТСТБдан өткериўде есапқа алынады.

Пуқара ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен өткерилген тәртипке салыў тәсирин альтернатив баҳалаў нәтийжелери бойынша таярланған жуўмақлар тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мәжбүрий тәртипте көрип шығылады.

Әдиллик министрлиги мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа шөлкемлердиң ТСТБ тараўындағы искерлигин муўапықластырады.

Хушнуд Атаджанов,
Кадрлар бөлими бас мәсләҳәтшиси